Бизге белгили, мәмлекетимиз басшысы 18-март күни медицина хызметкерлери менен ашықтан-ашық сәўбет өткерген еди. Онда айтылған машқала ҳәм усыныслар бойынша 24-март күни Президенттиӊ бийлиги қабыл етилип, жети бағдарда ўазыйпа ҳәм жуўапкерлер белгиленди.

Бәринен бурын, апрель айында 1 миллион қәўип топарына киретуғын халық, 700 мыӊ бала ҳәм  100 мыӊ ҳәмиледар ҳаялларды мақсетли скринингтен өткериў зәрүр екенлиги атап өтилген еди.

Усы мәжилисте берилген көрсетпелерди орынлаў, соныӊ ишинде, алыс аймақларға қәнигелестирилген медициналық жәрдемди жақынластырыў ҳәм халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде Республикалық қәнигелестирилген кардиология илимий-әмелий медициналық орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы директоры Даўыт Ембергенов, шыпакерлери Гулбаҳар Қарабаева, Жупар Байниязова ҳәм Дурдана Абдимановалар Тахтакөпир районына барып, ол жерде жүрек пенен байланыслы кеселликлери бар наўқасларды медициналық тексериўден өткерди ҳәм оларға зәрүрли мәсләҳәтлар берди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы