Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 17-февраль күни бажыхана ҳәкимшилигин және де жетилистириў мәселелерине бағышланып өткерилген мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ҳәр бир ўәлаят орайында «Темурбеклер мектеби» сыяқлы бир мектептен таңлап алып, оларға бажыхана жумысы бағдарында тәлим-тәрбия жумысларын шөлкемлестириў бойынша айрықша тапсырмалар берилген еди.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен Нөкис қаласындағы 31—санлы улыўма билим бериў мектеби таңлап алынған болып, усы мектеп оқыўшыларының бажыхана уйымларына қызығыўшылығын арттырыў, оларды әскерий ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрметин арттырыў мақсетинде системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, мектеп оқыўшылары ушын оқыў-сабақлары, саяхатлар шөлкемлестирилип, бажыхана жумыслары тараўлар бойынша кеңнен таныстырып келинбекте.

«Хожели» шегара бажыхана постына усы мектеп оқыўшыларының алған теориялық билимлерин әмелий жақтан сынап көрсетиў, оларды бажыхана тараўы менен жақыннан таныстырыў мақсетинде саяхат шөлкемлестирилип, пост ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, бул пост елимизди қоңсы Түркменстан Республикасы менен автотранспорт ҳәм пиядалар ҳәрекети арқалы байланыстырып турады. Быйылғы жылдың биринши шереги даўамында бул пост арқалы 527жүк автотранспорт қуралларының ҳәрекети тәмийинленген болып, оларда жәми 2963 тонналық товардың экспорт, импорт ҳәм транзит ҳәрекетлери әмелге асырылған.

Бажыхана постында өткерилген әмелий жақтан сынап көрсетиў илажында оқыўшыларға усы постта бүгинги күнде пайдаланылып атырған заманагөй бақлаў техникалық қураллары менен сканер қурылмаларының имканиятлары, хызмет ийтлериниң шығыўлары көрсетип берилди.

Оқыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги