Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 30-октябрьдеги «2030-жылларға шекемги дәўирде Өзбекстан Республикасының қоршаған орталықты қорғаў копцепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында бәҳәр мәўсиминиң басланыўы менен ҳәр бир пуқаралар жыйынында, мийнет жәмәәтлеринде, оқыў орынларында абаданластырыў  ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылады.

«Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасы тәрепинен пәрманның орынланыўын тәмийинлеў ҳәм «Жасыл мәкан»улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў мақсетинде «Әҳмийетли 40 күнлик»акциясы шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте.

Ҳәзирги ўақытта кәрхана әтирапынан тысқары, «Елабат» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағынан жер орны ажыратылып, жумысшылар тәрепинен терек нәлин егиў жумыслары қызғын алып барылмақта. Буның ушын кәрхананың есабынан жәми 20950 түп, соның ишинде, 9806 түп мийўе,  11144 түп саяманлы терек нәли алып келинди. Қәнигелердиң атап өткениндей, акция басланғанлы берли усы күнге шекем 14297 түп саяманлы, 7036 түп мийўе нәли отырғызылып, тәрбия жумыслары алып барылмақта.

Кәрхананың экология бөлими хызметкерлери жаслардың нәл егиўинде өзлериниң усынысларын берип, көклемзарластырыў жумысларына басшылық етпекте. Бул жумысларды өткериўде мийнетти қорғаў ҳәм техника қәўипсизлиги қағыйдаларына бойсынылыўы жуўапкер хызметкерлер тәрепинен қадағаланып барылмақта. Халықтың экологиялық мәдениятын жетилистириў ҳәм өзлери жасап атырған аймақтың тәбиятын сақлаўға өзлериниң үлеслерин қосыў мақсетинде барлық цехтан 326 хызметкер, соның ишинде, жаслар белсене қатнаспақта.

Илаждан гөзленген тийкарғы мақсет, егилген ҳәр бир нәл толық тутып, бүгинги күнниң әмийетли мәселеси болған экология машқалаларын басқышқа-басқыш сапластырыўға ерисиў болып табылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги