Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Қарақалпақстан Республикалық басқармасы ҳәм Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң хызметкерлери менен биргеликте өткерилген тексериўде Әмиўдәрья районлық халық билимлендириў бөлими ҳәм қурылыс-реконструкция жумыслары менен шуғылланатуғын 2 жуўапкершилиги шекленген жәмийеттиң жуўапкер тәреплери өз ара тил бириктирип, райондағы улыўма орта билим бериў мектеплеринен бириниң оқыў имаратларын реконструкциялаў ушын ажыратылған улыўма 1 миллиард 235 миллион сум пулдың 177,6 миллион сумын есап-фактураларға жалған мағлыўматлар ҳәм жазыўларды киргизиў арқалы нызамға қайшы түрде өзлестиргени анықланған. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.

Сондай-ақ, усы райондағы улыўма орта билим бериў мектеплеринен бириниң муғаллими өз кәсиплесиниң исенимине кирип, таныслары арқалы оны қәнигелик категориясын алыў бойынша аттестациядан өткерип бериў есесине 600 АҚШ долларын алған ўақытта усланған.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.