Усы жылдың 1-апрель күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында студент-жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы болып өтти.

Хабарыңыз бар, усы жылдың 4-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында өткерилген видеоселектор жыйналысында жоқары оқыў орынлары студентлериниң бәнтлигин тәмийинлеў арқалы олардың турмыс дәрежесин жақсылаў мәселеси көрип шығылып, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилген еди.

Ҳәзирги ўақытта Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында улыўма 16 мың 698 студент оқып атырған болып, соннан 9 мың 58 студент бакалавриаттың күндизги, 5 мың 928 студент сыртқы, 258 студент кешки билимлендириў формасында, 440 студент екинши қәнигелик бойынша, ал 1 мың 14 студент магистратура басқышында билим алмақта.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпалардан келип шығып, институт студентлери арасында жумыс ислеп, қосымша дәрамат табыў нийетинде болған студентлердиң дизими, олардың жумыс ислеў имканиятлары үйренип шығылып, усы тийкарда мийнет ярмаркасына жумыс бериўшилер мирәт етилди.

Мийнет ярмаркасында тийкарғы жумыс бериўшилер есапланған Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ҳәм Мектепке шекемги билимлендириў министрликлери системасындағы басқарма ҳәм бөлимлер менен биргеликте 50 ден аслам исбилерменлик субъектлери, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери бос жумыс орынлары менен қатнасты.

– Мийнет ярмаркасында биринши гезекте социаллық қорғаўға мүтәж, жетим, майыплығы болған, «темир дәптер», «ҳаяллар дәптери»не кирген социаллық жақтан қоллап-қуўатланыўы зәрүр шаңарақлардың перзентлери есапланған 700 ге шамалас студентлердиң бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, жумыс ислеп, қосымша дәрамат табыў нийетиндеги жасларымызға имканиятлар жаратыў тийкарғы мақсетлеримиздиң бири болып табылады, – дейди институттың Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры Қ.Қодиров.

Атап өтиў керек, институтта ҳәм оқып, ҳәм жумыс ислейтуғын студентлер, соның менен бирге, жумыс ислеў нийетинде болған жасларға шараятлар жаратыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде коворкинг орайы жумыс алып бармақта.

Институттың маркетинг ҳәм студентлер әмелияты бөлиминиң баслығы П.Хожаниязовтың мәлим етиўинше, бүгинги күнде институт көлеминде оқыў менен бирге жумыс пенен бәнт болған 400 ден аслам студентлер болып, олар ушын бул жерде заманагөй компьютерлер, бийпул интернет тармағы ҳәм басқа да имканиятлар жаратылған. Соның менен бирге, студентлерге мийнет нызамшылығы бойынша түсиник жумысларын алып барыў, ҳуқықый мәсләҳәтлер бериў жолға қойылған.

Быйылғы оқыў жылында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын улыўма 2101 питкериўши, соннан бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша 1744, магистратура қәнигеликлери бойынша 357 студент питкериўи күтилмекте. Мийнет ярмаркасында 1-2-3-курс студентлери менен бирге усы питкериўшилердиң де бәнтлигин тәмийинлеў, оларға тийисли тараўлар бойынша жумыс орынларына жолламалар бериў, жумыс бериўшилер менен шәртнамалар дүзиў жумыслары алып барылды.

– Институттың Шет тиллери факультети рус тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарының 2-курсында оқыйман. Бүгинги өткерилген мийнет ярмаркасында Нөкис районындағы 5-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине рус тили пәни бойынша балаларға билим бериў ушын жумысқа орналастым. Биз, жасларға қаратылып атырған итибардан, қоллап-қуўатлаўлардан миннетдармыз, – дейди институт студенти Дильфуза Әбдирахманова.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары, Халық ҳәм Мектепке шекемги билимлендириў министрликлеринен, сондай-ақ, бир қатар мәмлекетлик басқарыў уйымларынан тийисли жуўапкерлер қатнасты.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотолары.