Нөкис қаласындағы Жаслар орайында Қарақалпақстанның ең жақсы стартап идеялар таңлаўының жуўмақлаўшы басқышы болып өтти. 

Усы жылдың январь-март айлары даўамында БМШ Раўажланыў бағдарламасы жәрдеминде Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте Өзбекстан Республикасы инновациялық раўажланыў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы менен биргеликте қала-районлардан 18-30 жасқа шекемги жаслар ушын исбилерменлик тийкарлары ҳәм стартап басламаларын баслаў басқышлары бойынша оқыў курсы шөлкемлестирилди.

Курс даўамында 72 қатнасыўшы информациялық технологиялар,  экономика,  социаллық басламалар,  туризм,  аймақлық экология өзгерислери,  билимлендириў сыяқлы тараўларда инновациялық ҳәм стартап идеяларын әмелге асырыў тийкарларын үйренип,  мақсетли аудиторияны таңлаўды үйренди. Оқыў процеси даўамында қатнасыўшылар тәжирийбели устазлардан жаңа информациялар алыў имканиятына ийе болды,  олар жойбардың кемшиликлерин көрсетип,  таңлаўға усыныў ушын жетилистириў жолларын усыныс етти.

Курс бағдарламасы,  сондай-ақ,  тәжирийбели исбилерменлердиң қатнасыўында мазмунлы онлайн ушырасыўлар,  шеберлик сабақлары,  бизнес-режелер дүзиў ҳәм стартапларды әмелге асырыў мәселелери бойынша арнаўлы эксперт-менторлар ҳәм бизнес ийелеринен мәсләҳәт алды.

Аралбойындағы аўыл халқының жасаў тәризин жақсылаўға қаратылған инновациялық стартаплар бойынша таңлаўдың жуўмақлаўшы басқышында 16 команда өзиниң жойбарлары менен қатнасты.

Олар:

“Bookie” қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар,  Комбинат программистов,  М-Базар,  “Билим”,  “Саўбол”,  Эко-сумка “Қарақалпақстан”,  “Eco garden house”,  “Фашион-кружка”,  “ПЕТ”,  “Асу-брикет” ҳәм басқалар…

Таңлаў жеңимпазлары БМШ тың Өзбекстандағы Аралбойы аймағы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көпшериклик траст фонды тәрепинен қаржыландырылған BMShTD, YUNFPA, FAO “Аралбойы аймағының экономикалық ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги машқалаларын шешиў ушын жаслар ҳәм халықтың бейимлесиўи арқалы дөретиўшилик ҳәм инновациялық имканиятларын раўажландырыў” атамасындағы бағдарламасын әмелге асырыў шеңберинде финанслық ямаса техникалық жәрдем алады.

Таңлаў экпертлери тәрепинен таңлап алынған жойбарлар:  “Bookie” қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар,  Комбинат программистов,  “Билим”,  “Sawbol”,  Эко-сумка “Қарақалпақстан”,  Суў технологиясын жетилистириў ҳәм басқа да ири жойбарлар 2000 ҳәм 3000$ лық ақшалай утысларды қолға киргизди.

Буннан тысқары 3 ай даўамында онлайн сабақларда белсене қатнасқан жаслар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы сертификатлар менен сыйлықланды.

Азизбек Дабылов,

ҚМУдың Журналистика тәлим бағдары 3-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги