«Мәҳәлле» қойырқомлық жәмийетлик фондының Тахтакөпир районы  бөлими тәрепинен райондағы «Өзбекстан» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы, 120 жастағы Бийбихан апа Өтениязованың ҳал-жағдайынан хабар алынып, азық-аўқат затлары тапсырылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 31-марттағы «Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип түрде өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында республикамызда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Жақсылық ҳәм мүриўбет, мийрим-шәпәәт тымсалы есапланған мүбәрек Рамазан айын халқымыз бәрқулла үлкен қуўаныш ҳәм көтериңки кейпиятта күтип алмақта.

1900-жылы туўылған анамыз ул-қызларынан бүгинги күни 17 ақлық, 12 шаўлық ҳәм 5 қуўлық көрди. Екинши жер жүзилик урыс жылларында тылда мийнет етти. Анамызға бүгинги бахытлы күнлерди көриў несип етти.

-Бул күнлерге жеткергенине шүкиршилик етемен,-дейди анамыз дуўаға қол жайып. -Президентимизге рахмет, биз кекселерге, соның ишинде 100 жастан асқан нураныйларға барлық шараятларды жаратып берип қойыпты. Елимиз тыныш, халқымыз аман, дәрьямызда суў мол болыўын тилеймен.

Мүбәрек Рамазан айында  бундай қайырқомлық илажлары республикамыздың барлық қала ҳәм районларында даўам етпекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы