Оксфордтағы халық саламатлығы ҳәм Халықаралық ракти изертлеўлер агентлиги (IARC) изертлеўшилери үлкен перспективалы изертлеў нәтийжелерин усынды.

Онда мобиль телефонлар мий рагиниң раўажланыўын қозғамайтуғыны тастыйықланған. Оғада узақ ўақыт даўамында жәмийетшилик арасында мобиль телефонлардан шығатуғын радио толқынлары қәўипли болыўы мүмкин екени ҳаққында кеңнен тарқалған қорқыўлар бар еди, себеби радио толқынлар IARC тәрепинен «мүмкин канцероген» сыпатында классификацияланады. Бул қәўип-қәтерлер 5G пайда болыўы менен ҳәўиж алды.

Изертлеў 1935 – 1950-жыллары туўылған ҳәр төрт британиялы ҳаялды өзи ишине алған UK Million Women Study мағлыўматлар базасы мағлыўматларын үйренип шықты. 2001-жылы шама менен 776 000 қатнасыўшы мобиль телефоннан пайдаланыў бойынша сораўнаманы жуўмақлады ҳәм олардың ярымы 2011-жылы усыған уқсас сораўларға жуўап берди. Қатнасыўшылардың 14 жыл даўамындағы медициналық мағлыўматлары да талланды: мий ҳәм көздиң өзине тән неоплазмаларының раўажланыў қәўпи баҳаланды.

2011-жылға келип, 60 – 64 жастағы қатнасыўшылардың дерлик 75 проценти мобиль телефонлардан пайдаланған болса, 75 – 79 жастағы топарда бул көрсеткиш 50 проценттен төмен еди. 14 жыл даўамында ҳаял-қызлардың 0,42 процентинде мий неоплазмалары диагнозы қойылған, бул улыўма халық санынан статистикалық жақтан сезилерли дәрежеде парықланбайды.

Сондай-ақ, ҳәр күни мобиль телефоннан пайдаланыў, ҳәптеде кеминде 20 минут жедел сәўбетлесиў ямаса телефон менен кеминде 10 жыл ислеўде қәўиптиң артыўы бақланбаған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги