Қарақалпақстан радиосына 90-жыл

(Қарақалпақстан халық жазыўшысы Хожабек Сейтовтыӊ «Өмир соқпақлары» мемуарлық шығармасынан)

Биз көркем әдебиятты пропагандалаў редакциясыныӊ басшылары менен кеӊесип, ойласып, көрнекли ақсақал жазыўшылардыӊ жазған шығармаларын радио тыӊлаўшыларға еситтириўге айрықша дыққат аўдардық. Олар микрофон арқалы өз шығармаларын қәлеген ўақтында тыӊлаўға мүмкиншилик алды. Материаллық жақтан жәрдемлер берилди. Әӊгиме тек гонорарда емес, улыўма қарақалпақ әдебиятын раўажландырыўға қандай да болмасын унамлы тәсир жасаўда еди.

Буныӊ мәнисине түсинбеген, түсинсе де қызғаншақлық, күншилликке берилген айырым адамлар, радиокомитеттиӊ басшылары үстинен арзаларды қардай жаўдырды.

Тексериў үстине тексериў, комиссия үстине комиссия, сораў жуўап. Түсиник бериў басланды. Арза жазғанларды айтпайды. Ташкенттен келген комиссияныӊ баслығы Өзрадиокомитеттиӊ баслығыныӊ орынбасары Бухараева меннен «Қара бала» деген ким өзи, деп сорады. Ол ким екен деп ҳайран болдым. Бир күни ӨзКП обкомыныӊ пропаганда ҳәм агитация бөлиминиӊ баслығы Бассин радиокомитеттиӊ жумысын тексериўге обкомнан комиссия дүзилгенин айтты. Оны ӨзКП обкомыныӊ баспасөз бойынша инструкторы Тажиахмет Сейтмамутов басқарып келди. Олар тексерип болмай-ақ Өзрадиокомитеттиӊ бас бухгалтери Г.Орловтыӊ басшылығында комиссия келди. Ол Нәжим Дәўқараевқа договор-шәртнама бойынша берилген 3 мыӊ манат нызамсыз берилген деп, мен ҳәм бухгалтер Каратаеваны айыплады. Буны ӨзКП обкомыныӊ бөлим баслығы Бассин қуўатлап, бюро мәжилисинде мениӊ партиялық мәселемди қараўға материал таярлады. Исимиз насырға шабыўға айналды. Нәжим Дәўқаревтыӊ қарақалпақ әдебияты бойынша жазған материалларын соӊ беремиз деп қойып едик. Берилмеген материалға ақша бериўдиӊ тийкарғы себеби, қосылып жеген деген гүман туўдырады. «Болмаса не ушын ақша берилди?» деп айып тақты. Обкомныӊ бюросынан бурын Өзбекстан радио еситтириў комитетиниӊ коллегия мәжилисинде мениӊ докладым тыӊланды. Ол материалларды тексериўден кейин толық бергенимизди айттым.

-Бурын не ушын берилмеди?-деп сорады Өзрадиокомитеттиӊ баслығы.

-Договор бойынша жаздырып алынған материлалларды асықпай бере беремиз, деп ойладық.

-Жаздырып алған материалыӊызды бизиӊ бухгалтерге не ушын көрсетпедиӊиз?

-Көрсеттим, «Қарақалпақша түсинбеймен»,-деди жолдас Орлов.

-Жолдас Орлов, сизге көрсетти ме?

-Көрсетти, сол ма, я басқа материал ма, ким биледи, аўдармашы шақыр десем жолдас Сейтов тыӊламады.

-Жолдас Сейтов, не ушын тексериўшиниӊ өтинишин тыӊламадыӊыз?

-Аўдармашыға да ақша төлесем тағы айыплар деп қорықтым.

Мәжилисте отырғанлар күлисип, бир-бири менен сыбырласты. Радиокомиеттиӊ баслығы Уразбаев әдеўир ойланып, қайта тексериўди усынды. Оны көпшилик коллегия ағзалары қуўатлады.

Бир неше күн өтпей Бухараева менен Орлов Нөкиске келди. Бурынғы пәтлери жоқ, шақы сынған тәризли. Телефоннан Уразбаев пенен сөйлестим.

Булардыӊ қайта тексериў комиссиясына обком комиссиясы қосылды. Олардыӊ пәти болар емес. Бухараева Өзрадиокомитеттиӊ бас бухгалтерине қатты сөгия жәрияланғанын айтпапты. Сонлықтан ба, обкомныӊ комиссиясы тексериў ислерин қайта қозғады. Бул ҳаққында Нәжим аға хабарсыз еди. Оған ким айтқанын билмеймен, ол қатты ашыўланып, ӨзКП обкомыныӊ секретары Н.Жапақовқа барып:

-Радиокомитеттиӊ баслығын айыплағанша, мақала жазған, ақша алған мени айыплаӊ!-деп қатты талап қойыпты.

Мени обкомға шақырды. Бухараева да мениӊ менен бирге барғысы келди.

Барсақ, Нәжим Дәўқараев, Бассин, Т. Сейтмамутовлар да Н. Жапақовтыӊ кабинетинде отыр екен. Наўрыз, Бухараеваны бурыннан таныйтуғын болса итимал, «хош келипсиз!» деп жыллы жүз бенен қабыл етти.

-Ал, жолдас Сейтов, не ушын ақша жумсаў тәртибин бузасыз?-деди қабағын үйип Наўрыз.

-Бузғаным жоқ.

-Бузбасаӊ, берилмеген материалға не ушын 3 мыӊ манат төлейсиз?

-Материаллар радиодан берилди, жолдас Жапақов.

-Обкомныӊ хызметкерлери өтирик сөйлей ме?

-Билмедим.

-Билмесеӊ, берилмеген. Обкомныӊ комиссиясы анықлаған. Солайма, жолдас Бассин?

-Аўа, анықладық. Жолдас Сейтмамутов та тексерип анықлады.

-Мүмкин бе, жолдас Жапақов?-деди Бухараева.

-Қәне, айтыӊыз?

-Материал шәртнама бойынша жаздырылып алынған ўақтында берилмей, тексерип атырған күнлери радиодан берилген. Бизиӊ бухгалтер қарақалпақшаға түсинбеймен аўдартып бер, оқып шығайын десе, Хожабек Сейтович «аўдармашыға ақша төлеп, тағы тексерилип жүрмейин» деген. Мен келип оқып шықтым. Материал жақсы, керекли материал. Ол материал ушын ҳеш кимди айыплаўға болмайды. Басқа шатағы болмаса…

-Қәне, жолдас Бассин, Сиз не дейсиз?

-Қайта тексеремиз.

-Қайта тексеремиз?! Сол материал ушын ба, ямаса басқа тапқаныӊыз бар ма?

-Жолдас Сейтмамутов Сиз не дейсиз?

-Тексерсеӊ кемшилик, қәте табыла береди.

-Ҳә, солайма, қандай да болмасын бир мақсет бар демекшисиз. Басқа жумыс жоқ па? Жигирма күннен бери тексерип тапқан фактлериӊиз де бийкарланды. Және қандай фактлерге тийкарланып тексережақсыз?

-Барып көремиз!

-Барып көремизиӊ болмайды, жолдас Сейтмамутов. Солай емес пе жолдас Бухараева?

-Жолдас Жапақов, дурыс айтасыз. Арзалар үстиртин жазылған. Биз де тексериўге келип өкинип отырмыз. «Қара бала» дегенниӊ арзасын оқып отырып оны ҳеш ким билмейди. Дөҳметшил қара жүрек адамныӊ «аноним» аты ма, мен түсинбедим. Соны таўып болмай ма?

-Жолдас Бассин билиўи мүмкин?-деди Нәжим аға. Сиз де жолдас Бассин, қызбаӊ! Обкомныӊ бюросына шамаламай айыплаў менен мәселе қойыў қалай болады, жолдас Сейтмамутов?

-Билмедим.

-Билмегениӊиз жақсы емес…

Усыныӊ менен мәселе туўарылды. Көп узамай Бассин де, Сейтмамутов та басқа жумысқа өзгертилди. Тексериў де сийрексий баслады. Бундай қарама-қарсылықтыӊ пайдалы жағын да бийкарлаўға болмайды. Кадрлар менен ислесиўде, жумысты алып барыўда пуқта, пысық болыўға әдеўир тәсир жасады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги