Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Наўрызға бағышланған байрам сейили болып өтти.

Усы күни жақсы нийетлер менен сүмелек қайнатылып, оқыў орнының әтирапына қара үйлер қурылды. Ҳәр бир факультет өзлери таярлап келген миллий тағамлары, миллий кийимлери, соның менен бирге, студентлер жасларда өзлери ислеген түрли буйымлары менен қатнасты.

Оқыў орнының бас имараты алдында  «Әссалам Наўрыз-жаңаланыў, мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир-қымбат байрамы!» сүрени астында улыўма халықлық театрластырылған әдебий-музыкалы хореографиялық байрам тамашасы болып өтти. Университет ректоры, профессор А.Реймов жәмәәтти ҳәм мийманларды улыстың уллы күни Наўрыз байрамы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, аспанда қуяш жарқырап, нәўбәҳәрдиң жағымлы самалы есип турған бул әжайып күнлерде, үлкемизге кирип келген жаңаланыў ҳәм жасарыў, дөретиўшилик ислерге илҳамландырыўшы әййям-Наўрыз инсанлардың қәлбине және де гөззаллық бағышлайды. Бәршемиз сағынып күтетуғын, үлкен қуўаныш ҳәм шадлықларға толы байрам биз ушын гөззаллықтың мәңгилиги, тәбияттың шексиз сақыйлығы, миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримиздиң тәкирарланбас тәрийпи болып келмекте. Елимиздиң барлық жерлеринде белгиленип атырған әййям инсан кеўлине өзгеше қуўаныш, арзыў-үмитлер уялатып, халқымызды аўызбиршиликке, татыўлыққа шақырады.

Президентимиз тәрепинен елимизде басланған үлкен реформаларды даўам еттириў мақсетинде Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳәм «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы» мәмлекетлик бағдарламасының қабыл етилиўи жәмийетшилик тәрепинен айрықша қанаатланыўшылық пенен күтип алынды.

Усындай қуўанышлы демлерде университетте заманагөй билим ҳәм илим сырларын терең ийелеп, еркин пикирлейтуғын, ана журтына меҳир ҳәм садықлық пенен хызмет ететуғын жаңа әўладты тәрбиялаў жумыслары талап дәрежесинде алып барылмақта.

Усы оқыў жылының өзинде студент-жаслар арасынан 2 Президент стипедианты, 1 Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийеси, 3 Беруний атындағы, 4 Наўайы атындағы, 1 Улығбек атындағы, 1 Ислам Каримов атындағы, 14  Бердақ атындағы, 2 студент жаңадан шөлкемлестирилген Төлепберген Қайыпбергенов ҳәм Ибрайым Юсупов атындағы стипендиясы ийелери, сондай-ақ, 2 жәҳән, 5 Азия, 19 Өзбекстан чемпионы жетилисип шықты.

Елимиз басшысының атап өткениндей, тез пәт пенен раўажланып баратырған ҳәзирги дәўирде жаңа пикир, жаңа идея, инновацияға сүйенген мәмлекет утады. Ал, инновацияға тийкар болыўшы тийкарғы күш-бул илим болып табылады.

Быйылғы оқыў жылында университетте 47 оқытыўшы докторлық диссертациясын (DSc, PhD) табыслы қорғап шықты. Бул 2017-жылға салыстырғанда дерлик 10 есеге көп деген сөз. Соның менен бирге, университет тарийхында биринши мәрте биоэкологиялық изертлеўлер илимий лабораториясы шөлкемлестирилип, бул жас илимпазлар ушын кең имканият есигин ашып берди.

Байрам тамашалары көркем өнер кафедрасы студент-жасларының атқарыўындағы «Наўрыз» қосығы менен басланды. Буннан кейин кийиниў мәденияты бойынша ҳәм жоқары нәтийжелерге ерисип атырған спортшы жаслардың көргизбели шығыўларын, «Жайхун» қуўнақлар ҳәм зийреклер командасы ағзаларының ҳәзиллерин, «Ҳүрлиман» ансамбли ағзаларының атқарыўындағы қосық ҳәм аяқ ойынларын байрам қатнасыўшылары айрықша қызығыўшылық пенен тамашалады.

Университетте түрли миллет ўәкиллери билим алмақта. Байрам бағдарламасынан орын алған туўысқан халықлардың миллий қосық ҳәм аяқ ойынлары айрықша заўық бағышлады.

Байрам тамашалары барлық қатнасыўшылардың атқарыўындағы «Университет» қосығы менен жуўмақланды.

-Университетте жаслардың ҳәр тәреплеме терең билим алыўы ушын барлық шараят жаратылған,-дейди 2-курс магистранты Дәўлетбай Сәрсенбаев.-Быйылғы жылы Президент стипендианты болғанымнан қуўанышлыман. Бир нешше жылдан берли илимий басшым менен биргеликте «Қарақалпақстан аймағында 3 кВт  класындағы қуяш фотоэлектрик системалар қурыўда техникалық тийкарлаў (3 кВт лы қуяш станциясы мысалында)» темасында илимий жумыс, «Қарақалпақстан аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийети менен биргеликте «ПС 110/6 кВ (Нөкис) трансформаторларында қуўат жоғалтылыўын анықлаў» темасында хожалық шәртнамасы ислеринде илимий-изертлеў жумысларын алып барып атырмыз. Бәршени бүгинги байрам менен қутлықлайман.

Буннан кейин тамашалар «Ҳәр күниң Наўрыз болсын!» байрам сейили менен даўам етти. Факультетлер арасында «Миллий тағам түрлери менен қатнасқан ең ағла факультет», «Ең жақсы миллий кийимлер менен қатнасқан факультет», «Ең жақсы безелген қара үй», «Миллий өнерментшиликти жақсы жолға қойған факультет» сыяқлы онлаған номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

Илаж даўамында гүрес ҳәм миллий ойынлар бойынша жарыс өткерилди. Әндижан ўәлаятынан келген дәрўазшылардың шығыўлары жасларда айрықша қызығыўшылық оятты.  Байрам сейили ойын-заўықлар менен күни бойы даўам етти.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.