«Корпоратив басқарыў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамға (ӨРН-760-санлы, 29.03.2022-ж.) Президент тәрепинен қол қойылды.

Пуқаралық кодексине киргизилген өзгерислерге бола, унитар кәрханада бақлаў кеңесиниң шөлкемлестирилиўи ҳәм кеңес кәрхананың басқарыў уйымы болыўы мүмкин екенлиги белгиленди.

Мәмлекеттиң айырым акционерлик жәмийетлерин басқарыўда қатнасыў ҳуқықын беретуғын «алтын акция»ға байланыслы нормалар нызамшылықтан шығарып тасланды.

Акционерлик жәмийети бақлаў кеңеси ағзаларының ўәкиллиги 1 жылдан 3 жылға создырылды.

Юридикалық тәреплердиң устав фондында кеминде 5 процентлик үлеске ийе болған қатнасыўшылар ҳәм акционерлер аудиторлық тексериўдиң буйыртпашылары болыўы мүмкин екенлиги белгиленди. Бурын 10 процент еди.

Қарақалпақстан хабар агентилиги