1-8-апрель күнлери Ферғана ўәлаятында 2008-2009-жылы туўылған жас өспиримлер арасында бокс бойынша Өзбекстан Республикасы чемпионаты болып өтеди.

Оған қатнасыў ушын Шараф Айтбаев ҳәм Парахат Қәлимбетов басшылығындағы Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы да жөнеп кетти.

Ҳәзир республикамыздыӊ жас боксшылары Ферғана қаласына жетип барып, ол жерде жарыс алдынан шынығыўлар алып бармақта.

Бизлер командамыздыӊ барлық тренер ҳәм спортшыларына Өзбекстан чемпионатында табыслы қатнасыўын тилеп қаламыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы