Нөкис районындағы «Қырантаў» аўыл пуқаралар жыйынында Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги, Нөкис районы ҳәкимлиги, райондағы Халық қабыллаўханасы, Айрықша жағдайлар бөлиминиң шөлкемлестириўинде «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары шеңберинде қәлемшеден терек нәлин жетистириў ҳәм мәҳәллелерде егиў, тәрбиялаў бойынша көргизбели оқыў семинары болып өтти.

Семинарға Нөкис қаласы, Хожели, Тақыятас ҳәм Нөкис районларындағы мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлимлериниң хызметкерлери менен пуқаралар жыйынларының баслықлары қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов ҳәм район ҳәкими Ө.Уснатдинов сөзге шығып, семинардың әҳмийети, ҳәр бир мәҳәлледе ақ терек ҳәм саяманлы тереклерди егиўди жолға қойыў арқалы мәҳәллениң дәрамат дәрегин қәлиплестириў, экологиямыздың тазалығына, әтираптың көклемзарласыўына үлес қосыў тийкарғы мақсети екенлигин атап өтти.

Семинарда жаңа техникалардан пайдаланыў тәртиби ҳәм абзаллықлары, терек нәллерин отырғызыў тәртиби бойынша тараў қәнигелери тәрепинен толық мағлыўматлар берилди.

Буннан соң семинар шөлкемлестириўшилери ҳәм қатнасыўшылары биргеликте усы пуқаралар жыйыны аймағында терек нәллерин отырғызыў ушын ажыратылған 1 гектар майданға жақсы нийетлер менен 2500 ден аcлам ақ терек ҳәм саяманлы терек нәллерин отырғызып, абаданластырыў жумысларын алып барды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги