Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен Нөкис қаласындағы 31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшылары ушын Нөкис сыртқы экономикалық жумыс бажыхана постында «Ашық есиклер күни» шөлкемлестирилди.

«Бажыханашы – мақтанышлы кәсип» илажы шеңберинде шөлкемлестирилген бул ушырасыўда оқыўшыларға бажыхана тараўы жумысларының тийкарғы бағдарлары ҳәм пост тәрепинен әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Ушырасыўда қәнигелер тәрепинен товарлар экспорты ҳәм импорты, бажыхана рәсмийлестирилиўи, мәмлекетлик бюджетке өндирилетуғын бажыхана төлемлери бойынша дәслепки түсиниклер әмелий түрде көрсетилди. Бүгинги күнде бажыхана постында қолланылып атырған заманагөй қадағалаў техникалық қуралларының көргизбеси, сондай-ақ, бажыханашылардың жақын жәрдемшиси болған хызмет ийтлериниң шығыўлары да шөлкемлестирилди.

– Бүгинги бажыхана постына саяхатымыз даўамында бажыхана хызметкерлериниң жумыслары менен жақыннан таныстық, Бул ушырасыўдан кейин мен де келешекте усындай бажыханашылар қатарында болыўды қәлеймен,-дейди мектептиң 10-класс оқыўшысы Н.Жалғасбаев.

Илажда оқыўшылар қәнигелерден тараўға байланыслы қызықтырған сораўларына жуўап алды.



Қарақалпақстан хабар агентлиги