Усы жыл 30-март күни  Нөкис қаласы «Дослық үйи»нде Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери Миллий ассоциациясы Қарақалпақстан аймақлық бөлими ҳәм  «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлимшесиниң басламасы менен «Әссалам Наўрыз-хош келдиң бәҳәр!» атамасында байрам илажы болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды улыўма халықлық Наўрыз байрамы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Президентимиз тәрепинен  жәмийетимизде миллетлераралық татыўлық, диний кеңпейиллик орталығын және де беккемлеў мақсетинде елимизде 30 июль сәнеси «Халықлар дослығы күни» деп белгилеўди усыныс етилди. Сондай-ақ «Халықлар дослығы» көкирек белгисин шөлкемлестириў ҳаққындағы баслама да қоллап-қуўатланды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 19-майдағы «Миллетлераралық қатнасықларды ҳәм шет еллер менен дослық байланысларды буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы миллий мәдений орайлардың жумысын бүгинги күнниң руўхында шөлкемлестириў, сырт еллер менен мәдений-ағартыўшылық байланысларды кеңейтиў бағдарында жаңа имканиятларды ашып берди.

Жаңа жыл байрамы алдынан «Дослық үйи» имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы буның әмелдеги көриниси болды. Жаңа имаратта  республикамызда ҳәрекет етип турған 5 миллий мәдений орай ҳәм социаллық әҳмийетке ийе болған мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер жумыс алып бармақта.

Илажда түрли миллет ўәкиллери тәрепинен атқарылған қосық ҳәм аяқ ойынлар жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды. Миллий тағамлар, өнерментлер ҳәм кийимлер көргизбеси шөлкемлестирилди.

-Президентимиздиң атап өткениндей, ең баслы байлығымыз елимизде жасап атырған көп миллетли халықлардың аўызбиршилиги болып табылады,-дейди Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери Миллий ассоциациясы Қарақалпақстан аймақлық бөлиминиң баслығы Гүлсара Жоллыбекова.-Илажды өткериўдеги тийкарғы мақсетимиз, республикамызда жасап атырған халықлардың дослығын беккемлеў, олардың миллий мәдениятын, көркем өнери ҳәм үрп-әдетлерин көрсетиў ҳәм оларды раўажландырыўдан ибарат.

Наўрыз инсанның қәдир-қымбатын улығлаў, соның менен бирге  адамгершилик, мийрим-шәпәәт ҳәм кеңпейиллик байрамы есапланады. Илажда кем тәмийинленген шаңарақларға, майыплығы болған инсанларға Қарақалпақстан Республикасы майыплар жәмийети Нөкис қалалық бөлими тәрепинен азық-аўқатлық затлар тапсырылды.

Байрамды өткериўге белсене қатнасқан миллий мәдений орайлардың ҳәм мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип хошаметленди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери