Өмир даўам етер екен, билим де, тәрбия да заман ортаға қойып атырған жаңа талапларға бола үзликсиз өзгерип ҳәм жетилисип бара береди.

Өзбек педагогикасының тийкарын салыўшылардан бири А.Авлонийдиң атап өткениндей «Сабақ өтиў ҳәм тәрбия бериў арасында бираз өзгешелик бар болса да, екеўи бир-биринен ажыралмайтуғын жан менен тән сыяқлы болып табылады». Тәрбия инсанның тийкарғы пазыйлетлеринен бири. Ол халықтың, жәмийеттиң, мәмлекеттиң тийкарғы күш-қүдирети болып есапланады. Тәрбия өз-өзинен пайда болмайды. Ол инсанға ананың сүти, әкениң үлгиси, ата-бабалардың үгит-нәсияты менен сиңисип барады. Халқымыз тәрбияға байланыслы бай мәдений мийрасқа ийе болып, келешек әўладларда адамгершилик, ўатанды сүйиўшилик, мийнет сүйгишлик, мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик сыяқлы улыўма инсаныйлық пайзыйлетлерди тәрбиялап келген.

Жетик инсанларды тәрбиялаўда мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, мектеп, шаңарақ ҳәм кең жәмийетшиликтиң бирге ислесиўи үлкен әҳмийетке ийе.

Қоңырат районлық Мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы балалар бақшамызда өткерилген «Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде «Дәслепки қәдем» оқыў бағдарламасы тийкарында тәлим-тәрбия орайларын дурыс шөлкемлестириў» деген темадағы семинарда усы жоқарыдағы мәселелер кең түрде талқыланып, пикир-усыныслар билдирилди. Семинар қатнасыўшылары балалар менен жеке ислесиў, тәлим-тәрбия орайларын шөлкемлестириў мәселелери бойынша өз тәжирийбелерин ортақласып, кең түрдеги түсиниклерге ийе болды.

Семинарда районымыз бақшаларында бундай илажларды тез-тез өткерип барыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Нургул Уразғалиева,

Қоңырат районлық МШБШ ға қараслы

1-санлы мектепке шекемги

билимлендириў шөлкеми директоры.

Қарақалпақстан хабар агентлиги