Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер ушын баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди. Конференцияда басқарма тәрепинен 2021-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар, тийкарғы көрсеткишлер ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, өткен 2021-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен баҳасы 431 млн. АҚШ долларына тең өнимлер экспорт бажыхана режимине рәсмийлестирилди.

Улыўма баҳасы 646,66 млн. АҚШ долларын қурайтуғын республикамыз сыртқы саўда айланысының 66 проценти товарлар экспортына туўра келеди.

Республикамыздан тийкарынан полиэтилен, артемия цистасы, гүнжи өнимлери, пахта талшығы, пропилен, боян тамыры ҳәм оның экстракты, йирилген жип, кальцийленген сода ҳәм тери өнимлери дүньяның Түркия, Қытай, Россия, Латвия, Қазақстан сыяқлы бир қатар мәмлекетлерине экспорт етилди.

Технологиялық әсбап-үскенелер, химия санааты өнимлери, ағаш ҳәм тақтай, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери сыяқлы улыўма баҳасы
215,45 млн. АҚШ долларына тең өнимлер басқарма тәрепинен импорт бажыхана режимине рәсмийлестирилди.

Соның менен бирге, өткен жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен бажыхана уйымларының өз фискал ўазыйпаларын әмелге асырыўы шеңберинде бажыхана төлемлеринен 334 млрд. 511 млн. сум пул қаржыларының мәмлекетлик бюджетке өткерилиўи тәмийинленди.

Ҳүкиметимиз тәрепинен исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша белгиленген ҳәр бир ўазыйпаның орынланыўын сөзсиз тәмийинлеў мақсетинде, бажыхана уйымлары тәрепинен исбилерменлерге қолайлық ретинде жәми 268 млрд. 600 млн. сум муғдарында бажыхана төлемлеринен жеңилликлер қолланылды.

Есап бериў дәўиринде бажыхана тараўына тийисли нызамшылық ҳүжжетлериниң бузылыўы менен байланыслы 381 нызам бузылыўшылық жағдайлары анықланып, баҳасы 15 млрд. 858 млн. сумлық товар-материаллық байлықлар айғақлы зат ретинде алынды. Соннан, 14 жағдайда Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң тийисли статьяларына муўапық жынаят иси қозғатылды.

Қатнасыўшылар айырым мәселелер бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, тийисли қарар ҳәм пәрманлардың орынланыўы, бажыхана уйымларына ашық таңлаў бойынша жумысқа қабыл етиў, бажыхана уйымларындағы коррупцияның алдын алыў, сырт еллерден автотранспортларды сатып алып келиў бойынша берилген жеңилликлердиң қолланылыўы, ун, қумшекер, ақмай сыяқлы ең зәрүр азық-аўқат өнимлериниң сырттан алып келиниўи бойынша жеңилликлер ҳәм басқа да әҳмийетли сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги