Тимур Кападзе басшылығындағы Өзбекстан U-23 сайланды командасы Дубай қаласында болып өтип атырған халықаралық турнирде өзиниӊ үшинши ойынын өткереди.

Бул рет өзбекстанлы футболшылар Вьетнам сайланды командасы менен өз-ара күш сынасады.

Буннан алдын Өзбекстан U-23 сайланды командасы Саудия Арабстанына 0-2 есабында жеӊилип қалған болса, Бирлескен Араб Әмирликлери футболшылары менен 0-0 есабында ойнаған еди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы