Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер хәм мәденият институты Нөкис филиалында Олий Мажлис ҳәм Жоқарғы Кеңес депутатларының қатнасыўында «Социаллық тараўдағы реформалар» атамасында ушырасыў болып өтти.

Оған ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси хызметкерлери, филиал профессор-оқытыўшылары менен студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты, Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң ағзасы М.Ибрагимов, ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси Аппарат баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ш.Өтемисовлар шығып сөйлеп, соңғы жылларда әмелге асырылған реформалардың нәтийжесинде елимизде Жаңа Өзбекстанды қурыўдың зәрүр сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық ҳәм илимий-ағартыўшылық тийкарлары жаратылғанын атап өтти.

Шығып сөйлеўшилер тәрепинен атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында халықтың жасаў шараятын буннан былай да жақсылаў, оларды исбилерменликке бағдарлаў, жаслардың оқып, билим-илим алыўында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.  Бул бағдардағы жумысларды еле де жетилистириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Пәрманда «Ҳәрекетлер стратегиясынан – раўажланыў стратегиясына» деген принцип тийкарында бес жылға мөлшерленген жети тийкарғы бағдарға айрықша итибар қаратылған. Бул әҳмийетли ҳүжжет Президентимиздиң сайлаўалды бағдарламасында  раўажланыўымыздың даўамлылығы сыпатында баслы идея етип белгиленип алынған. Онда көрсетилген жети тийкарғы бағдар, оны әмелге асырыўдың мақсетлери менен ўазыйпаларының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында жыйналғанларға мағлыўматлар берилди.

Ушырасыў даўамында студент-жаслар Раўажланыў стратегиясынан келип шығып әмелге асырылатуғын жумыслар, әсиресе, мектепке шекемги, улыўма билим бериў, жоқары ҳәм оннан кейинги билимлендириўди жаңа басқышқа көтериў бағдарында алып барылатуғын реформалар бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға депутатлар тәрепинен толық жуўап алды.

Илаж соңында депутатлар Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң «Жаңа Өзбекстан стратегиясы» атамасындағы китабын филиал мәлимлеме-ресурс орайына саўға етти.

Сондай-ақ, депутатлар Филиалда жаңадан қурылып атырған 300 орынлық жатақхананың қурылыс жумыслары ҳәм жойбарлары менен танысты.

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият

 иниституты Нөкис филиалы баспасөз хызмети.

Қарақалпақстан хабар агентлиги