Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы усы жылдың 26-март күни Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы ҳәм районлар аймағында бақланған күшли самал ақыбетинде зыян жеткен имаратлар ҳаққында басқармаға келип түскен мүрәжатлар тийкарында мағлыўмат берди.

Басқарманың ғалаба хабар қураллары ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен бирге ислесиў топарының баслығы, капитан Айбек Абдирахмановтың Қарақалпақстан хабар агентлигине мәлим етиўинше, Нөкис қаласы ҳәм районлардағы Айрықша жағдайлар бөлимлериниң Оператив басқарыў топарлары тәрепинен басқарманың нәўбетши диспетчерлик хызметине 2022-жылдың 26-март күни саат 12:00 ден 18:00 ге шекем жүз берген күшли самал ақыбетинде:

– Нөкис қаласы бойынша жети;

– Қоңырат районы бойынша еки;

– Шымбай районы бойынша еки;

– Тахтакөпир районы бойынша еки;

– Тақыятас, Кегейли ҳәм Хожели районлары бойынша сәйкес түрде бир жағдайдан имаратлардың төбе бастырмаларына түрли дәрежеде зыян жеткенлиги бойынша мүрәжатлар келип түскен.

Айрықша жағдайлар бөлимлериниң тийисли жуўапкер қәнигелери келип түскен мүрәжатлар тийкарында жағдай жүз берген орынларға оператив түрде жетип барып, жеткерилген зыянларды сапластырыў ҳәм басқа да қутқарыў жумысларын алып барған.

Басқарманың нәўбетши диспетчерлик хызметине келип түскен мүрәжатларды үйренип қарағанымызда, күшли самал ақыбетинде пуқаралардың турақ жайлары, көп қабатлы турақ жайлар менен бир қатарда бир қатар социаллық тараў объектлерине де зыян жеткен.

Атап айтқанда, Нөкис қаласы «Байтерек» МПЖ С.Айний көшесиндеги 30-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имаратының 120 квадрат метрлик, «Сәрбиназ» МПЖ Төрткүл гүзары 41-жайда жайласқан Қарақалпақстан Республикасы Тәбийғый пәнлер илимий-изертлеў институты имаратының 350 квадрат метрлик, Қоңырат районы «Таллық» МПЖ Утегенов көшесиндеги Әбиў Әли ибн Сина атындағы Жәмийетлик саламатлық техникумы имаратының 300 квадрат метрлик, Тахтакөпир районы А.Адилов көшесиндеги Балалар спорт майданшасы имаратының 20 квадрат метрлик, «Дәўир» МПЖ Нурлы жол көшесиндеги 4-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 300 квадрат метрлик төбе бастырмаларына зыян жеткен.

Бизге берилген мағлыўматта көрсетип өтилиўинше, 26-март күни ескен күшли самал ақыбетинде жарақат алғанлар ҳәм медициналық бирлеспелерге мүрәжат еткен пуқаралар анықланбаған.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ҳәм оның қала, районлардағы бөлимлери тәрепинен 26-март күни күшли самал ақыбетинде айрықша жағдайлардың келип шығыўының алдын алыў бойынша хабарландырыўлар жәрияланып, жүзеге келген жағдайлар бойынша басқарманың оператив штабына мүрәжат етиў мүмкинлиги ҳаққында хабар берилген еди.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.