Пекин Сеул менен халықаралық ҳәм регионаллық көлемдеги қатнасықты беккемлеў ушын бирге ислесиўге таяр, делинеди «ТАСС» хабарында.

ҚХР баслығы Корея Республикасының сайланған президенти Юн Сок Ёл менен телефон арқалы сөйлесиўинде былай делинеди: «Ҳәзир халықаралық жәмийетшилик алдында бир қатар қәўиплер тур. Қытай ҳәм Қубла Корея регион тынышлығы, абаданлығы ушын жуўапкер болып табылады».

Си Цзиньпинниң айтыўынша, Қытай Корея менен халықаралық регионаллық көлемде, сондай-ақ, БМШ орнын тән алған ҳалда, дүньядағы халықаралық ҳуқық нормалары тийкарындағы тәртипти қорғаў ушын бирге ислесиўге таяр.

Қарақалпақстан хабар агентлиги