Нызамшылықта бир қатар ҳуқықбузарлықлар ҳаққында ўәкилликли уйымларға хабар берилгенде өндирилген жәриймадан ақшалай сыйлық бериў белгиленген.

Атап айтқанда:

– жол ҳәрекети қағыйдаларына байланыслы ҳуқықбузарлықлар ҳаққында ejarima порталы арқалы хабар бериледи ҳәм БЕМның 5 проценти (13 мың 500 сум) муғдарында;

– терек ҳәм путаларды нызамсыз кесиў ҳәм зыян жеткериўге байланыслы ҳуқықбузарлықлар ҳаққында Мәмлекетлик экология комитетине хабар бериледи ҳәм БЕМның 1 есесине шекем (270 мың сумға шекем) муғдарында;

– лицензиясыз ямаса рухсатнамасыз, хабарнама жибермей усындай ҳүжжетлер талап етилетуғын жумыс пенен шуғылланғаны ҳаққында лицензия, рухсатнама бериў ўәкиллигине ийе уйымларға (мәселен, жеке меншик нотариуслар бойынша Әдиллик министрлигине) хабар бериледи ҳәм өндирилген жәрийманың 10 проценти муғдарында;

– коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлар ҳаққында Бос прокуратура, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер министрлиги, Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментине хабар бериледи, ҳуқықбузарлық түринен келип шығып БЕМның 7 есесине шекемги (1 млн 890 сумға шекем) муғдарда;

– сатып алыў чеклерин бермей товар сатқаны ҳәм хызметлер көрсеткени ҳаққында салық уйымларына арнаўлы программа арқалы хабар бериледи ҳәм жәрийманың 20 проценти муғдарында;

– мәмлекетлик финанслық қадағалаўға байланыслы ҳуқықбузарлықлар ҳаққында «Мәмлекетлик аудит» системасы арқалы хабар бериледи ҳәм өндирилген жәриймалардан келип шығып ақшалай сыйлық төленеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги