Г.Аннақлычева А-320 авиа-лайнеринде Ташкент-Нөкис-Мойнақ-Ташкент рейси менен Мойнаққа келди.

– Мен бүгин тарийхый рейсте Мойнаққа ушып келгениме бахытлыман, – дейди Г.Аннақлычева. Мениң менен самолётта достымыз, медицина илимлериниң докторы Марияш Турымбетова да бар еди.

Мойнаққа авиалайнерлердиң ушып келиўи Мәмлекетимиз басшысының басшылығында Қарақалпақстанды раўажландырыўды Мойнақтан баслаў бойынша алып барып атырған үлкен дөретиўшилик ислер, жаңаланыўлар Қарақалпақстанның айдын келешегин белгилеп бермекте.

Мойнаққа авиалайнерлер қатнаўының жолға қойылғаны туризмниң раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе.

Ески  Арал орнындағы жасыл тоғайлықлар, үстирт кеңисликлеринде жер асты ҳәм жер үсти байлықларының халқымыз абаданлығы ушын хызмет етип атырғаны, Қарақалпақстанда санаат, аграр тараўларында, мәдениятта ҳәм көркем өнерде жүз берип атырған үлкен жаңаланыўлар Президентимиздиң қарақалпақ халқының бахытлы келешегине болған үлкен итибары ҳәм аталарша ғамхорлығының нәтийжеси болып табылады.

Мойнаққа уша баслаған самолётлар қутлы болсын!

Бул авиалайнерлер өз қанатында Қарақалпақстанымызға, әсиресе Мойнаққа  бахыт, әўмет, жаңаланыўлар нәпесин алып келе берсин!

Қарақалпақстан хабар агентлиги