Усы жылы Өзбекстан ҳәм Италия арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанына 30 жыл толды. Өзбекстан ҳәм Италия арасында 1992-жылдан берли өткен дәўир ишинде конструктивлик сиясий сөйлесиў ҳәм саўда-экономикалық және мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўдиң нәтийжели механизмлери жолға қойылды.

Кейинги жылларда еки мәмлекеттиң сыртқы сиясий уйымлары ҳәм парламентлериниң қарым-қатнасы және саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўи, технология ҳәм санаатты раўажландырыў бағдары ушын жуўапкер министрликлер ҳәм агентликлер арасындағы алмасыўлар нәтийжели дәрежеде жеделлесип бармақта.

Бүгин Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетинде Өзбекстан ҳәм Италия арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығына бағышланған дөгерек сәўбети болып өтти. Онда сенаторлар, дипломатлар, ЖЭДУниң профессор-оқытыўшылары, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.

Дөгерек сәўбетте Италия Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Агостино Пинн де қатнасты.

Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары, Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетиниң ректоры Содиқ Сафоев өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстан Италияны бийтәкирар тарийхый-мәдений мийрасқа ийе мәмлекет ҳәм соның менен бирге дүнья жүзиниң салмақлы экономикалық, илимий-техникалық ҳәм интеллектуаллық потенциалы бар ири санаат орайларынан бири деп билетуғынын атап өтти. Сондай-ақ, Италияның халықаралық майдандағы, атап айтқанда, Европа Аўқамы, G-7 ҳәм G-20 шеңбериндеги нәтийжели жумысын үлкен қызығыўшылық пенен бақлап баратуғынын атап өтти.

Кейинги жылларда еки мәмлекеттиң биргеликтеги ҳәрекетлери нәтийжесинде мәмлекетлераралық саўдада турақлы өсиў бақланды. Жақын жылларда бул көрсеткиштиң 1 миллиард долларға жетиўи күтилмекте. Қоспа санаат жойбарлары, соның ишинде, «Danieli», «Pietro Fiorentini», «Wood» ҳәм «Ferroli» сыяқлы Италия компаниялары менен бирге ислесиў көлеми артып бармақта.

Сөйлесиўлер процесинде мәденият, илим ҳәм билимлендириў тараўындағы еки тәреплеме  байланыслар айрықша атап өтилип, Өзбекстан ҳәм Италия арасындағы дәтүрий дослық ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықлар келешекте буннан былай да беккемленетуғынына исеним билдирилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы