Соңғы жылларда әмелге асырылған кең көлемли реформалар нәтийжесинде бир қатар тараўлар, соның ишинде, мектепке шекемги билимлендириў тараўында да бир қатар жаңаланыўлар, унамлы өзгерислер көзге тасланбақта.

Атап айтқанда, мәмлекетлик,  кәрханаларға қараслы, мәмлекетлик–жеке меншик шериклик, жеке меншик, шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Хожели районында ҳәзирги ўақытта Мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы 78 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, соннан,  23 мәмлекетлик, 5 мәмлекетлик–жеке меншик шериклик тийкарындағы мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ҳәм 50 шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери жумыс алып бармақта.

– Районымызда улыўма 3-7 жастағы балалардың саны – 8976, соннан
мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине 6695 (74,1%) бала қамтып алынған. Қамтып алынбаған 2281 баланы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине алыў бойынша, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери жоқ пуқаралар жыйынларынан 6 жастағы балалар ушын 8 топар бийпул мәжбүрий билимлендириў, 5-6 жастағы балалар ушын қысқа мүддетли 16 топарда тәлим-тәрбия жумыслары алып барылмақта,-дейди Хожели районы МШББ баслығы Г.Халмуратова.

Балалар бақшаларының санын көбейтиў мақсетинде райондағы «Қырқыншы» МПЖ аймағында жайласқан 6-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми 2021-жылғы «Инвестиция» бағдарламасына киргизилип, усы мақсетте 3147,0 млн. сум ажыратылып, өткен жылы декабрьде реконструкцияланып пайдаланыўға тапсырылды.

Усы бағдарламаға муўапық 3223,0 млн. сум ажыратылып «Қумжыққын» АПЖ аймағынан жаңадан 23-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми қурылып пайдаланыўға тапсырылды.

Киши оңлаў жумысларының екинши басқышын алып барыў ушын 3, 4, 7, 10, 11, 15, 20-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине
4996,4 млн. сум ажыратылып оңлаў жумыслары алып барылды.

Хожели районы Мектепке шекемги билимлендириў бөлиминиң имаратына жергиликли бюджет есабынан 1 миллиард 280 миллион 200 мың сум қаржы ажыратылып, «Саламат Садық қурылыс» ЖШЖ ҳәм «Монолит строй сервис Нукус» ЖШЖ тәрепинен 2 басқышта ири оңлаў жумыслары алып барылды.

Хожели районы Мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы
23 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери интернет тармағы менен тәмийинленген. Ҳәзирги күнде mygov.uz.дан балаларды электрон тәризде қабыл етиў ушын дизимге алыў жолға қойылды. Сондай-ақ, барлық мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде «Bolalar tizimi» системасына балалардың ҳәм хызметкерлердиң мағлыўматлары толық ҳәм анық жайластырылды.

Усы жылдың режесине Хожели педагогикалық колледжиниң 5-блогынан
180 балаға мөлшерленген жаңадан мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин шет тиллерин үйретиўге қәнигелестирилген шөлкем етип шөлкемлестириў режелестирилмекте.  Cондай-ақ, 21-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин реконструкциялаў ушын «Инвестиция» бағдарламасына киргизилмекте. 2022-жылы және 20 шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин шөлкемлестириў режелестирилмекте. «Шағалакөл» МПЖ ҳәм «Сарышүңгил» АПЖ аймақларынан 2 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин жаңадан қурыў режелестирилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги