Тақыятас районында 2021-жылы иске түскен «TAXIATOSH CHICKEN» ири қусшылық кәрханасының жумыслары менен студент-жасларды таныстырыў мақсетинде ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң «Жаслар қанаты» тәрепинен бизнес-тур шөлкемлестирилди.

Турдың мақсети – жаслардың исбилерменлик тараўы бойынша билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, тек теориялық емес, ал әмелге асырылып атырған жумысларды тиккелей көрсетиў, студент-жаслардың исбилерменлик пенен шуғылланыўға қызығыўшылығын оятыў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў болып есапланады.

Бизнес-турда кәрхана ҳаққында мағлыўматлар берилди. Тақыятаслы исбилермен А.Юсупов басқарып атырған бул қусшылық кластеринде бүгинги күнде 25 мың таўық бар. Онда 30 адам еки сменада жумыс ислейди.

– Инкубаторларымызда шығарылған шөжелеримиз халыққа арзан баҳада сатылады, ишки базарда қарыйдарларымыз көп,-дейди А.Юсупов. – Мәйеклердиң 80-85 процентинен шөже шығарылады. Жылына 250-300 мың дана шөже шығарыў имканиятымыз бар.

Кәрханадағы таўықларды ҳәр ҳәптеде еки мәрте шыпакер тексерип турады. Олардың азықлық жеми ушын район ҳәкимлиги тәрепинен ажыратылған жерге дәнли егинлер егилип, таўық ушын керекли болған бийдай, мәкке ҳәм жүўери менен қосып таярланған жемлер өз ўақтында берилип барылады.

Сондай-ақ, кәрхана тәрепинен жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеўге де үлкен әҳмийет қаратылмақта. Оларға шәртнама бойынша «Бир шаңараққа – 100 таўық» системасы тийкарында мәйек жетистириўге қәнигелестирилген үй таўықлары тарқатылмақта.

Тийкарғы мақсет – бәринен бурын «Темир дәптер», Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген, үйинде таўық бағыў ҳәм оннан дәрамат алыўды қәлейтуғын жумыссыз пуқараларға әмелий жәрдем бериў, бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм турақлы дәрамат дәрегин жаратыў болып есапланады.

Илажда жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги