Пайтахтымызда 24-март күни биринши Ташкент халықаралық инвестициялық форум өз жумысын баслады. Форумның жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасты.

Сессияда, сондай-ақ, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки президенти Одиль Рено-Бассо, Азия раўажланыў банкиниң президенти  Масацугу Асакава, Саудия Арабстаны патшалығы инвестициялар министри Холид ал-Фалиҳ, Жәҳән саўда шөлкеминиң вице-президенти Сянчен Чжан, Азия инфраструктуралық инвестициялар банкиниң вице-президенти Константин Лимитовский, Халықаралық финанс корпорациясының вице-президенти Стефани фон Фридербург қатнасты. Илажда BBC World News халықаралық телеканалында жаңалықлар баслаўшысы сыпатында танылған, ҳәзир болса Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң коммуникация мәселелери бойынша директоры лаўазымында жумыс алып барып атырған Жонатан Чарльз модераторлық етти.

Мәмлекетимиз басшысы форум қатнасыўшыларын қутлықлап, соңғы жылларда мәмлекетимизде әмелге асырылған реформалар менен жаңаланыўлар ҳаққында сөз етти ҳәм елимизди буннан былай да раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп берди.

Уллы жипек жолының орайында жайласқан Өзбекстан жери әзелден Азия, Европа ҳәм Африка континентлериниң кәрўан жоллары тутасқан аймақ сыпатында белгили болғаны, көп әсирлер даўамында дүньяның түрли регионларындағы саўдагер ҳәм исбилерменлердиң итибарын өзине тартып келгени атап өтилди.

Үш мың жыллық мәмлекетшилик тарийхына ийе мәмлекетимиз узақ дәўир даўамында дүнья жүзиниң саўда, экономика, илим, мәденият ҳәм көркем өнери жоқары раўажланған орайларынан бири болып хызмет еткен.

Бул дәстүрлердиң даўамы сыпатында «Уллы өтмиштен – уллы келешекке қарай» принципи тийкарында экономикалық-социаллық раўажланыўымызды жедел даўам еттириў жумыслары алып барылмақта. Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиз басшысы Өзбекстандағы реформалардың тийкарғы бағдарларын санап өтти.

Атап айтқанда, 2017-жылы үлкен қәдем тасланды – сырт ел валютасын конвертациялаў, сырт елли инвесторлар тәрепинен пайданы репатриациялаў бойынша шеклеўлер бийкар етилди. Банк ҳәм ири кәрханаларымыз дәслепки мәрте халықаралық рейтинглер алып, жәҳән финанс базарларына шықты.

Халықаралық жәмийетшилик ушын ашық-айдынлық сиясатын тәмийинлеў мақсетинде 90 сырт мәмлекет пуқаралары ушын Өзбекстанға визасыз кириў имканияты жаратылды, және 60 қа шамалас мәмлекет пуқараларына болса жеңиллестирилген тәртипте виза алыў имканияты берилди. Бул көрсеткишлер бойынша мәмлекетимиз региондағы ең ашық мәмлекет статусын қолға киргизди.

Коррупцияға қарсы гүресиў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў бағдарында системалы жумыслар алып барылмақта. 2020-жылы Өзбекстанда Инсан ҳуқықлары миллий стратегиясы қабыл етилди ҳәм тарийхта биринши мәрте мәмлекетимиз Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Инсан ҳуқықлары кеңесине ағза болып сайланды.

Пуқаралық жәмийетин қурыў, сөз еркинлигин тәмийинлеў, ғалаба хабар қуралларын қоллап-қуўатлаў, мийнет ҳуқықларын қорғаў ҳәм инсан капиталын раўажландырыўда ерисилген табыслар атап өтилди. Атап айтқанда, кейинги 5 жылда мәмлекетимизде 21 мыңнан аслам жаңа мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси шөлкемлестирилип, 200 ге шамалас жаңа мектеп қурылды, 3 мыңнан аслам мектеп болса реконструкцияланды ҳәм толық үскенеленди. Усы өткен қысқа дәўирде 82 жаңа университет ҳәм институт, соның ишинде, 23 сырт ел жоқары оқыў орынлары шөлкемлестирилип, жоқары оқыў орынларының улыўма саны 159 ға жетти. Нәтийжеде мектеп питкериўшилерин жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси алдынғы 9 проценттен 28 процентке жеткериўге ерисилди.

Экономиканы реформалаўда, соның ишинде, салық жүгин жеңиллестириў, бажыхана бажыларын азайтыў, салық ҳәкимшилигин жетилистириў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаўдағы нәтийжелер де санап өтилди.

Нәтийжеде экономикамызға тартылған жыллық сырт ел инвестицияларының көлеми үш ярым есеге артып, соңғы 5 жылда олардың улыўма баҳасы 25 миллиард долларды қурады. Соның есабынан 59 мың инвестициялық жойбардың әмелге асырылыўы 2,5 миллионнан аслам жаңа жумыс орынларының жаратылыўына мүнәсип үлес қосты.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясының тийкарғы бағдарларына толық тоқтап өтти. Булар – мәмлекетте экономикалық ҳәм сиясий турақлылықты тәмийинлеў илажларын избе-из даўам еттириў, ықшам ҳәм жоқары нәтийжели, бизнести қоллап-қуўатлаўға бағдарланған мәмлекетлик басқарыў системасын жаратыў, мәмлекеттиң экономикадағы роли ҳәм үлесин кескин қысқартыў, исбилерменлик жумысын буннан былай хошаметлеў, инвесторлардың ҳуқықларын қорғаўды тәмийинлеў, инфраструктураны жедел раўажландырыў ҳәм модернизациялаў, жергиликли шийки зат негизинде жоқары қосымша қунлы өним ислеп шығарыўды хошаметлеў, инсан капиталына инвестиция киргизиў, сыртқы саўданы либералластырыў ҳәм гендер теңликти тәмийинлеў.

Улыўма етип айтқанда, әмелге асырылатуғын реформалар нәтийжесинде кейинги 5 жыл ишинде жалпы ишки өнимди 100 миллиард долларға, жыллық экспорт көлемин болса 30 миллиард долларға, жеке меншик сектордың жалпы ишки өнимдеги үлесин 80 процентке жеткериў нәзерде тутылғаны атап өтилди. Өзбекстанның 2030-жылға келип халқы ортадан жоқары дәрамат алатуғын мәмлекетлер қатарынан орын алыўына ерисиў мақсет етип қойылған.

Мәмлекетимиз басшысы инвесторлар ушын ең қолайлы ҳәм тартымлы шараятларды жаратыў, сырт елли бирге ислесиўшилер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен өз-ара пайдалы шерикликти ҳәр тәреплеме беккемлеў бағдарындағы жумыслар исенимли даўам еттирилетуғынын атап өтти.

Сөзиниң жуўмағында Президентимиз қатнасыўшыларға форумның жумысы табыслы, бирге ислесиў болса нәтийжели болыўын, қоспа жойбарларды әмелге асырыў бойынша өз-ара пайдалы келисимлерге ерисиўин тиледи.

Сессия даўамында халықаралық финанс институты ҳәм шөлкемлердиң басшылары шығып сөйлеп, Өзбекстанның раўажланыў перспективалары бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.

Форумның секция сессиялары ҳәм пикирлесиўлеринде Өзбекстанның инвестициялық, экономикалық ҳәм санаат потенциалы, регионаллық ҳәм глобаллық саўда байланысларын раўажландырыў перспективалары, инвестицияларды тартыў, саўданы либералластырыў ҳәм миллий экономиканың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, мәмлекетимизди индустриалластырыў бойынша алдағы қәдемлер, санаатты жоқары қосымша қунлы өним ислеп шығарыўға бағдарлаў, миллий энергетика тармағын трансформациялаў ҳәм альтернатив энергия дәреклерине өтиў илажлары, регион мәмлекетлериниң транспорт жағынан байланыслылығын беккемлеў ҳәм транзит потенциалын арттырыў мәселелери додаланады.

Ковидден кейинги дәўирде экономикалық белсендиликти тиклеў ҳәм оның жедел раўажланыўын хошаметлеў, кәмбағаллықты қысқартыў, пул-кредит сиясатын тәртипке салыў, бизнести қоллап-қуўатлаў, банк тараўы ҳәм финанс базарын раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылады.

Форумның бағдарламасы шеңберинде Өзбекстан Республикасы ҳәм Саудия Арабстаны Патшалығы арасындағы Саўда, экономика, илим ҳәм технологиялар, мәденият, спорт ҳәм жаслар мәселелери бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның 5-мәжилиси, «Санаат кооперациясы. Жаңа имканиятлар» атамасындағы Өзбекстан – Қытай инвестициялық форумы ҳәм халықаралық финанслық институтлар, сырт ел ҳүкимети финанслық шөлкемлериниң басшылары ҳәм раўажланыў бойынша бирге ислесиўшилердиң қатнасыўында Өзбекстан бойынша мәмлекетлик платформасы болып өтеди.

Ташкент халықаралық инвестиция форумы 26-март күни өз жумысын жуўмақлайды.

Ташкент халықаралық инвестиция форумы шеңберинде және бир әҳмийетли ўақыя – Сурхандәрья ўәлаяты Ангор районында жаңа ыссылық электр станциясының қурылысына бағышланған мәресим болды.

Президент Шавкат Мирзиёев болажақ станцияның қуўатлылығы ҳәм нәтийжелилиги ҳаққында сөз етти.

Бул жойбардың улыўма баҳасы 1 миллиард 200 миллион доллар болып, оның нәтийжесинде 1 мың 560 мегаватт қуўатлылық жаратылады, жылына 12 миллиард киловатт-саат электр энергиясы ислеп шығарылады. Жойбар шеңберинде ең заманагөй технологиялар орнатылып, жылына 1 миллиард куб метр тәбийғый газ үнемленеди.

Комплекс Сурхандәрьядағы биринши, соңғы жылларда елимизде қурылатуғын ең ири ыссылық электр станциясы болады. Бул аймақтың шексиз экономикалық потенциалын әмелге асырыўға үлкен имканиятлар жаратады.

Мәселен, Сурхан ойпаты нефть, газ, көмир, баҳалы ҳәм реңли металлар, көп түрдеги безеў таслары сыяқлы 100 ден аслам кәнлерге ийе болса да, олар жетерли дәрежеде өзлестирилмеген. Соның ушын келеси бес жылда бул ўәлаятта 7 миллиард доллар муғдарында 5 мыңнан аслам инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, бул станцияда ислеп шығарылған электр энергиясы Сурхандәрьядағы 500 мың шаңарақты да нурға толтырады. Буннан тысқары, қоңсы Аўғанстанға жылына кеминде 3 миллиард киловатт-саат электр энергиясын экспорт етиў имканияты пайда болады.

Жойбардың қурылысы дәўиринде 2000, иске қосылғаннан кейин турақлы 150 жумыс орны жаратылады.

Жойбар Германияның «Siemens Energy», Францияның «ЕDF», Нидерландияның «Stone City Energy» компаниялары тәрепинен мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында әмелге асырылады. Мәмлекетимиз басшысы оған айрықша итибар қаратып, тараўда жеке меншик капитал қатнасыўына кеңнен имканиятлар ашылып атырғанын атап өтти.

– Биз соңғы жылларда энергетика тараўында үлкен реформаларды әмелге асырып, тараўды толық трансформацияламақтамыз. Соның ишинде, электр ислеп шығарыўға дәслепки мәрте жеке меншик сектордың қатнасыўы ушын кеңнен имканиятлар ашылды. Кейинги үш жылда улыўма қуўатлылығы 1 мың мегаваттан аслам болған 5 электр станциясы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында иске қосылды. Тартылған сырт ел инвестицияларының көлеми 1 миллиард доллардан артты, – деди Шавкат Мирзиёев.

Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде қуўатлылығы 9 мың мегаватт болған жаңа 19 электр станциясы қурылмақта. Олардың улыўма баҳасы 10 миллиард доллардан аслам.

Президентимиз илажда қатнасқан халықаралық финанс институтлары ҳәм компаниялардың басшыларына миннетдаршылық билдирип, Өзбекстанда сырт ел инвестицияларының қатнасыўындағы жойбарлар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланатуғынын және бир мәрте атап өтти.

Илажда қатнасқан «Siemens Energy» компаниясының президенти Кристиан Брух ҳәм «ЕDF» компаниясының атқарыўшы директоры Беатрис Буффон Өзбекстанда энергетика системасы заманагөй технологиялар тийкарында модернизацияланып атырғанын жоқары баҳалады. Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығындағы реформаларды қоллап-қуўатлап, бул жойбарды жоқары сапада әмелге асыратуғынын атап өтти.

Буннан кейин мәмлекетимиз басшысы инвесторлар менен бирге рәмзий түймени басып, ыссылық электр станциясының қурылысын баслап берди.

Бул станцияны 2024-жылдың ақырында иске қосыў режелестирилген.

ӨзА