Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы, оның қала ҳәм районлық инспекциялары тәрепинен салық ҳәкимшилиги, жаңа салық есабатлары, ондағы өзгерислерди салық төлеўшилерге жеткериў мақсетинде орынларда өткерилип атырған семинарлар даўам етпекте.

Усындай семинар Қоңырат, Мойнақ, Шоманай, Қанлыкөл районлары исбилерменлериниң қатнасыўында да өткерилди.

Cеминарға Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкили аппаратының Қарақалпақстан Республикасындағы хызметкерлери қатнасты.

Семинарда «Салықшы-көмекши» принципи тийкарында алып барылып атырған жумыслар, сондай-ақ салық нызамшылығындағы соңғы өзгерислер ҳәм жаңалықлар туўралы мағлыўматлар берилди.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасының усы жыл 11-март күнги «Салық ҳәкимшилиги жетистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамы туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.

Буннан былай, саўда ямаса хызмет көрсетиў қағыйдаларын бузыў алдынғы нызамшылықтағы «бир есесинен бес есесине шекем» ҳәм «бес есесинен жети есесине шекем» емес, ал «…он есесине шекем» ҳәм «…жигирма есесине шекем» қолланылады.

Илажда сөзге шыққанлар тәрепинен жыйналғанларға саўда ямаса хызмет көрсетиў қағыйдаларын бузыў, товарларды (өнимлерди) олардың сапасын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлерсиз сатыў ямаса мәжбүрий түрде санлы маркировкалаў қағыйдаларын бузыў,  сыртқы саўда операциялары бойынша активлерди репатриациялаў, есап фактура, салық төлеўшилерди есапқа қойыў тәртиби, салық базасын анықлаў тәртиби ҳәм экспорт операцияларын тастыйықлаў тәртиплери ҳаққында түсиниклер берилди.

Усындай семинар Беруний, Әмиўдәрья, Елликқала ҳәм Төрткүл районлары исбилерменлериниң қатнасыўында да өткерилди.

Қатнасыўшылар салыққа байланыслы мәселелер бойынша пикир-усынысларын билдирип, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги