Медиафорум

“Чимён – 2022” дәстүрий медиафорумынан тәсирлер

Усы жылы 13-19-март күнлери Өзбекстан журналистлери дөретиўшилик аўқамы Ферғана ўалаятлық бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген “Чимён – 2022” Х дәстүрий медиафорумы Ферғана ўалаятында болып өтти. Бул медиафорумға Өзбекстанның ҳәмме ўалаятларындағы ғалаба хабар қуралларынан 70 тен аслам журналистлер, телевидение, радио, газета-журнал ҳәм интернет басылымлары ўәкиллери, блогерлер қатнасты.

Бул медиафорумға Қарақалпақстаннан “Устаз жолы” газетасының жуўаплы хаткери Қалжанбай Қутлымуратов, “Қарақалпақстан мәденияты” газетасы хызметкери Эльмира Сейтжанова ҳәм Қарақалпақстан телерадиокомпаниясынан тележурналист Тамара Мәтбаева, радиожурналист Гүләрем Жумағалиевалар менен бирге қатнастық.

Медиафорумды өткериўдеги тийкарғы мақсет-Өзбекстан журналистлериниң пикир алысыў, тәжирийбе алмасыў, жәмийет ҳәм ғалаба хабар қуралларының өз-ара байланысын беккемлеў, ең тийкарғысы ҒХҚ ўәкиллериниң заман менен тең қәдем таслаўдағы тәжирийбелери менен ортақласып ашық сәўбетлесиў орталығын жаратыў болып табылады.

Медиафорум шеңберинде журналистлер “Чимён” санаторийсинде дем алыў менен бирге ҳәр күни Өзбекстан ҳәм сырт ел ҒХҚларының белгили ўәкиллери менен сәўбетлесиўлер өткерди.

Атап айтқанда, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының баслығы Алымжан Усаров, ӨзА Бас директоры Абдусаид Кўчимов, “Зарафшан” ҳәм “Самаркандская вестник” газеталарының бас редакторы, сенатор Фармон Тошев, “Tokio MX” телерадиокомпаниясы халықаралық байланыслар басқармасы баслығы Нобуёши Шитора, Әдиллик министрлиги медиаорайы баслығы Бабур Алиханов, “Фарғона ҳақиқати” ҳәм “Ферганская правда” газаталары редакциясы” ЖШЖ директоры Мухаммеджан Обидов, Өзбекстан электрон ҒХҚ ассоциациясы баслығы, Өзбекстан Журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университети ректоры Шерзод Қудратхожа, “Жәҳән” хабар агетлиги бас диреторы Садриддин Суяров, Олий Мажлис депутатлары Данияр Ғаниев ҳәм Умиджан Жаббаровлар менен өткерилген ушырасыўлар барлық қатнасыўшыларда қызығыўшылық оятып, тараўда жаңаша бағдарлар менен көзқарасларды қәлиплестириў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

“Жәҳән әдебияты” журналының бас редакторы Ахмеджан Мелибаев, Өзбекстан Журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университети оқытыўшысы Карим Бахриев ҳәм усы университет докторанты Сахиба Муллаева, “Рост 24” интернет сайты бас редакторы Анора Садықова, “Америка ҳаўазы” хабар агентлиги хабаршысы Нәўбәҳәр Имамова, “Дүнья өзбеклери” сайты шөлкемлестириўшиси Исмат Хушевлардың өз тәжирийбелеринен келип шығып заман менен үйлесимли ҒХҚдағы журналист позициясы, хабар жеткериўдеги қалыслық ҳаққындағы пикирлери заманагөй журналист ушын қолланба болып, форум қатнасыўшыларында айырықша тәсир қалдырды.

Форум даўамында Ферғана ўәлаяты бойлап саяхат шөлкемлестирилди. Ферғана ўалаяты “Баспасөз үйи”нде болып “Фарғона ҳақиқати” ҳәм “Ферганская правда” газаталары редакциясында ислеп атырған журналистлерге жаратылған шараятлар менен танысып, редакцияның жумыс ислеў тәртиби, газетаға жазылыўшыларды көбейтиў бойынша алып барылған тәжирийбелери менен ортақластық. Ең тийкарғысы бул редакция тек ғана газета басып шығарыў менен шекленбей, интернет сайтын да жолға қойған. Социаллық тармақларда каналлар ҳәм редакция жанында студия ашып видеоконтент жаратыў жумысларын да алып барады. Бир сөз бенен айтқанда, редакция өзинде интернет тезлигин, телевидение сюжетин, ўақыяның қағазда мөрлениўин өзинде қамтып алған. Газетада басылған мақаланы QR коды менен жайластырып ўақыяның видеосюжетин ямаса интервьюдиң видеовариантын көриўи мүмкиншилиги жаратылған.

Биз медиафорум даўамында тәжирийбе арттырып, билимлеримизди жетилистириў менен бирге усы жаңалықларды, тәжирийбелерди қарақалпақ журналистикасына, баспасөзине ен жайдырып, алдыңғы тәжирийбелерди үгит-нәсиятлаўды жолға қойыўымыз керек. Бул тәжирийбе қарақалпақ журналистикасы ушын да үлкен жетискенликлерге жол ашатуғынына исенемиз.

Әбдималик Хожаназаров,

“Ақмаңғыт таңы” газетасы редакторы

Қарақалпақстан хабар агентлиги