Кеше Европаныӊ бир қатар қалаларында футбол бойынша Қатарда болып өтетуғын Жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизиў ушын таӊлап алыў басқышларында өз топарларында екинши орынды ийелеген сайланды командалар арасында плей-оффтыӊ  ярым финал ойынлары болып өтти.

Атап айтқанда, Порту қаласындағы «Драгау» стадионында Португалия-Түркия сайланды командалары өз-ара күш сынасты.

Роналду жетекшилигиндеги португаллар оғада  қызықлы болған ойын жуўмағында 3-1 есабында жеӊиске ерисип, финал жолламасын қолға киргизди. Бул ушырасыўдыӊ биринши таймында Отавио ҳәм Диогу Жота  Португалия сайланды командасын алдынға алып шыққан болса, 65-минутта Бурак Йилмаз есапты қысқартыўға миясар болды. 83-минутта Португалия дәрўазасына ойын төрешиси тәрепинен 11метрлик жәрийма тобы белгиленип, оны Бурак Йилмаз голға айландыра алмады.

Ал, екинши таймға қосып берилген минутларда болса Матеуш Нунеш ушырасыўдағы еӊ ақырғы голды Түркия дәрўазасына жоллап, есапты 3-1 көринисине алып келди.

Сондай-ақ, Европаныӊ әмелдеги чемпионы Италия өз майданында күтилмегенде Арқа Македонияға 0:1 есабында жеӊилип қалды ҳәм избе-из екинши мәрте мундиал жолламасынан бос қалды.

Гарет Бэйл шешиўши ролди атқарған Уэльс-Австрия ойынында болса, 2-1 есабында майдан ийелери жеӊиске еристи. Бул ушырасыўда Бэйл 25 ҳәм 51-минутларда Австрия дәрўазасын анық нышанға алған болса, 64-минутта Забитцер жуўап тобын жоллаўға миясар болды. Енди Уэльс сайланды командасы Шотландия-Украина сайланды командалары арасындағы жеӊимпаз команда менен финалда өз-ара күш сынасады.

Шотландия — Украина арасындағы ойын болса, Украинадағы сиясий жағдай себепли июнь айына қалдырылды.

Швециялылар болса, бул басқышта Чехиядан 1-0 есабында үстин келип, финалда Польша менен ойын өткеретуғын болды.

Польша сайланды командасы болса, ярым финалда Россия менен ойнаўы керек еди. Бирақ, ФИФА Украинадағы жағдай себепли Россияны бул жарыстан шетлетти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы