Улыўма халықлық Наўрыз байрамы алдынан ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлар ушын Беруний районына пресс-тур шөлкемлестирилди.

Илаж қатнасыўшылары дәслеп райондағы Абай аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы ири жойбарлардан бири «Beruniy bug`doy cluster» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты. Улыўма баҳасы 29,4 миллиард сум болған ун заводын қурыў жойбарының әмелге асырылыўы нәтийжесинде 65 жаңа жумыс орны жаратылды. Өткен жылдың декабрь айында иске түсирилген заводтың жыллық қуўатлылығы 50 мың тоннаны қурайды. «Қыят» бренди астында шығарылып атырған өнимлер елимиздиң ишки базарына жеткерилип берилиўи менен бирге, 90,5 мың долларлық өним Аўғанстан мәмлекетине экспорт етилди.

Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлар «Оби ҳаёт» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы гидропоника усылындағы ыссыханада болды. «Sifatli g’isht» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен улыўма баҳасы 20,4 миллиард сум есабынан иске түсирилген ыссыханаға Түркия мәмлекетинен алып келинген заманагөй технологиялар орнатылды. Жыллық қуўатлылығы 800 тонна болған жойбардың иске түсирилиўи менен 56 жаңа жумыс орны жаратылды. Ҳәзирги ўақытта бул жерде жетистирилген өнимлер республикамыз қала ҳәм районларына, қоңсылас ўәлаятларға жеткерип берилмекте. Усы айда Россия мәмлекетине биринши экспорт әмелге асырылды.

Илаж даўамында баспасөз әнжуманы өткерилди. Онда район ҳәкими А.Сапарбаев өткен жылы әмелге асырылған жойбарлар ҳәм быйылғы жылғы режелерге тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, 2022-2023-жыллар даўамында районда улыўма баҳасы  778,6 миллиард сумлық 52 жойбарды әмелге асырыў ҳәм 1278 жаңа жумыс орнын жаратыў белгиленген. Соннан быйылғы жылы 422,8 миллиард сумлық 28 жойбар әмелге асырылады ҳәм 929 жумыс орны жаратылады. Атап айтқанда, санаат тараўында 10, аўыл хожалығында 6, хызмет көрсетиў тараўында 12 жойбар әмелге асырылады. Быйылғы жылдың биринши шереги даўамында 7 жойбар әмелге асырылды ҳәм 113 жумыс орны жаратылды.

Илажда ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлар бул бағдарда өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрнетлери