Бәҳәр, тәбияттың ояныўы ҳәм жаңаланыў нышаны болған Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына сырт мәмлекетлер ҳәм ҳүкиметлер, жетекши халықаралық шөлкемлердиң басшылары, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлерден қызғын қутлықлаўлар келмекте. Оларда Өзбекстанның көп миллетли халқына тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеклери билдирилген.

Сырт елли шериклер өз қутлықлаўларында Жаңа Өзбекстандағы мәмлекетти турақлы социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың абаданлығын арттырыўға қаратылған реформалар менен жаңаланыўларда ерисилип атырған үлкен жетискенликлер менен табысларды, мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырайы избе-из беккемленип баратырғанын атап өткен.

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент мырза!

Қытай ҳүкимети ҳәм халқы атынан және өзимниң атымнан Сизди Өзбекстанның дәстүрий байрамы – Наўрыз мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўға руқсат еткейсиз.

Жақында Сиз бенен Қытай ҳәм Орайлық Азия еллери арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығын белгиледик. Пекиндеги қысқы Олимпиада ойынларының ашылыў мәресими шеңберинде дослық орталығында пайдалы ушырасыў өткердик және еки тәреплеме қатнасықларды тереңлестириў ҳәм биргеликте «Бир мәкан, бир жол»ды қурыў, COVID-19 коронавирус инфекциясына қарсы гүресиў бойынша бирге ислесиўди беккемлеў бойынша жаңа келисимлерге еристик.

Мен Қытай – Өзбекстан қатнасықларын раўажландырыўға үлкен итибар қаратпақтаман ҳәм Сиз бенен биргеликте мәмлекетлеримиздиң раўажланыўы, халықларымыздың абаданлығы жолында дәстүрий дослықты беккемлеў ҳәм  еки тәреплеме қатнасықларды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға таярман.

Сизге беккем денсаўлық, мәмлекетшилик жумысыңызда үлкен табыслар тилеймен.

Дос Өзбекстан халқына бахыт-ығбал ҳәм абаданлық тилеймен.

Си ЦЗИНЬПИН,

Қытай Халық Республикасы Баслығы

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент мырза!

Сизге  ҳәм Өзбекстан халқына Наўрыз бахытлы ҳәм абадан болыўын тилеймен. Бул ҳәмме ушын тынышлық ҳәм жаңаланыў байрамы болып, усы жылы болса мәмлекетлеримиз дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығын белгилеп атырғаны менен айрықша әҳмийетли.

Мениң админстрациям пандемияға қарсы гүрес, стратегиялық шериклигимизди тереңлестириў ҳәм қәўипсизликти беккемлеў бағдарындағы табыслы ҳәрекетлеримизди даўам еттириў ушын келеси жылы Өзбекстан менен бирге ислесиўге үмит етемен. Мәмлекетиңизди Америка инвестициялары ушын тартымлы етиўине жәрдем берген экономикалық, сиясий ҳәм социаллық реформаларды әмелге асырыў жолындағы ҳәрекетлериңизди қоллап-қуўатлаўдан қуўанышлымыз.

Сондай-ақ, Сиз бенен С5+1 процеси шеңберинде улыўма регионаллық мақсетлеримиз жолындағы жумысларымызды даўам еттириўге умтыламыз.

Наўрыз мүбәрек!

Ҳүрмет пенен,

Жозеф Робинетт БАЙДЕН,

Америка Қурама Штатлары Президенти

 

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Ҳәммемиз ушын улыўмалық болған Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сиз ҳәм ўатанласларыңызды қызғын қутлықлайман.

Бул берекетли бәҳәр байрамы жоқары мәнаўий қәдириятларды сәўлелендирип, жаңаланыў, тынышлық ҳәм бирликке шақырады. Әзел-әзелден қәдирли Наўрыз дос мәмлекетлеримизге шадлық ҳәм абаданлық алып келген.

Биргеликтеги ҳәрекетлеримиз себепли Қазақстан ҳәм Өзбекстан арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылыққа тийкарланған аўқамласлық буннан былай да халықларымыздың абаданлығы жолында избе-из раўажланады.

Усы берекетли күнлерде Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, мәмлекетиңиз раўажланыўы ҳәм турақлы жоқарылаў жолындағы барлық ийгиликли басламаларыңызға үлкен табыслар, туўысқан өзбек халқына болса тынышлық ҳәм абаданлық тилеймен.

Наўрыз ҳәр бир шаңараққа қут-берекет алып келсин!

Ҳүрмет пенен,

Қасым-Жомарт ТОҚАЕВ,
Қазақстан Республикасы Президенти

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Сизди Наўрыз байрамы менен шын кеўилден қутлықлайман!

Наўрыз – ийгиликли умтылыслар, пәк арзыў-үмитлер, турмыс ҳәм бәҳәр шадлығын жәмлеген уллы әййемги байрам.

Мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара көп қырлы қатнасықлар буннан былай да ҳақыйқый дослық ҳәм жақсы қоңсышылық руўхында беккемленип баратуғынына исенемен.

Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, жумысыңызда табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына болса тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Садир ЖАПАРОВ,

Қырғыз Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Сизге ҳәм Сиз арқалы дос Өзбекстан халқына ата-бабаларымыздың әзелий байрамы – Наўрыз кирип келиўи мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлаўларым ҳәм ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Ҳәзирги күнде халықаралық байрам статусын алған әййемги Наўрыз әййямы өзиниң терең руўхый мазмуны менен инсаниятқа хызмет етип атырғаны қуўанышлы.

Заманның қурамалы социаллық-экономикалық ҳәм геосиясий шараятларында Бәҳәр байрамының улыўма инсаныйлық қәдириятларының тиклениў ҳәм дөретиўшилик, тынышлық ҳәм татыўлық, дослық ҳәм аўызбиршилик, өз-ара түсиник ҳәм тилеклеслик, ҳүрмет ҳәм көмек сыяқлы уллы жемислерди өзинде сәўлелендириў менен үлкен әҳмийетке ийе.

Өзбекстан-Тәжикстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары Наўрыздың жақсы дәстүрлери руўхында келешекте де раўажланып, халықларымыздың түпкиликли мәплерине муўапық кеңейиўине исенемен.

Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм үлкен табыслар, дос Өзбекстан халқына болса тынышлық-татыўлық, турақлылық, абаданлық ҳәм шексиз раўажланыў тилеймен.

Наўрыз мүбәрек!

Ҳүрмет пенен,

Эмомали РАҲМОН,

Тәжикстан Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Сизди ҳәм дос Өзбекстан халқын халықаралық Наўрыз байрамы мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, ең жақсы тилеклеримди жоллаў мен ушын мақтаныш.

Наўрыз байрамы әййемги заманлардан тәбияттың тиклениўи, өмир салтанаты ҳәм бәҳәр кирип келиўиниң белгиси. Миймандослық, тынышлық сүйиўшилик, жақсы қоңсышылық ҳәм жоқары адамгершилик принциплерин жәмлеген бул байрам халықларымыз арасындағы татыўлық ҳәм дослықты беккемлеўде айрықша орынға ийе.

Бул әжайып байрам Сиз ҳәм мәмлекетиңиздиң пүткил халқына шадлық, абаданлық ҳәм раўажланыў алып келсин.

Терең ҳүрмет пенен,

Сердар БЕРДИМУҲАМЕДОВ,
Түркменстан Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Өзимниң атымнан ҳәм Әзербайжан халқы атынан Сизге ҳәм Сиз арқалы туўысқан   Өзбекстан халқына Наўрыз байрамы мүнәсибети менен ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Тәбиятты оятыўшы, адамларға жаңа кейпият бағышлайтуғын бул бәҳәрий байрам өз-ара татыўласыў, дослық ҳәм аўызбиршиликти жырлайды.

Әзербайжан ҳәм Өзбекстан арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиў Наўрыздың жақсы қәдириятларын жоқары қәдирлейтуғын халықларымыздың ерк-ықрарына муўапық буннан былай да кеңейип, беккемленип барыўына исенемен.

Пурсаттан пайдаланып, Сизге беккем денсаўлық, жумысыңызға табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына болса   тынышлық ҳәм раўажланыў тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Илҳам АЛИЕВ,

Әзербайжан Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Кеўиллерге қуўаныш бағышлайтуғын Наўрыздың кирип келиўи, тәбият ҳәм ана жердиң қайтадан жанланыўы және ҳижрий-шамсий жаңа 1401 жылдың басланыўы мүнәсибети менен Сиз, Уллы мәртебели Мырзаны, Сизиң ҳүрметли шаңарақ ағзаларыңызды ҳәм мәмлекетиңиздиң әзиз халқын шын жүректен қутлықлайман.

Наўрыз қудайға исениў, шаңарақты жақсы көриў ҳәм тынышлық сүйиўшиликтен келип шығатуғын мәденияттың ең жоқары орны болған қәдириятларға сүйениўши цивилизацияның тымсалы ҳәм жилўаланыўы. Исламның әзиз Пайғамбары (оған, оның пәк әўладлары ҳәм уллы ийелерине салаўатлар болсын) усылай айтады: «Бәҳәрди көргениңизде о дүньяны көбирек еслең». Жаратылыстың уллылығы ҳаққында ойлаў ҳәм тәбияттағы өзгерислерге итибар қаратыў кеўилдиң ояныўына түртки, Алланы яд алыў қуралы және инсанияттың раўажланыўы ҳәм жоқарылаўы жолы болып есапланады. Уллы шайыр Саадий Шеразий бул ҳаққында былай деген:

Тур, ғәниймет бил, бәҳәрдиң жағымлы желлерин,

Қуслардың сайрағанын, гүллердиң хош әтирин.

Бәрше гүл жапырақлар жаратқанды еслейди,

Серхош бүлбиллер сайрап Алланы яд етиўин.

Ҳижрий-шамсий жаңа әсирде жоқары илаҳий ҳәм инсаный қәдириятлар тәрепке ҳәрекет және де тезлесип, бул әсир мәмлекетиңизде жасайтуғын барлық адамлар ушын Наўрыз сыяқлы және қуўанышлырақ ҳәм тынығрақ күнлер, регионның барлық халықлары ушын болса және беккемирек тынышлық ҳәм тилеклеслик алып келеди, деп үмит етемен. Иран Ислам Республикасы бул мәдений тилеклесликти беккемлеў регион ҳәм дүньядағы барлық мәмлекетлер ушын тынышлық ҳәм татыўлық алып келеди, деп есаплайды және бул жолда шын кеўилден барлық мәмлекетлерге өзиниң дослық қолын созады.

Қәдир Аллаҳтан Сиз, Уллы Мәртебели Мырзаға, денсаўлық ҳәм табыс, дос Өзбекстан Республикасы халқына бахыт-ығбал ҳәм абаданлық алып келиўин сорап, жаңа жылдың сизлер ушын қут-берекетке толы жыл болыўын тилеп қаламан.

Иброҳим РАИСИЙ,

Иран Ислам Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ассалаўма әлейкум ва раҳматуллаҳи ва баракатуҳу.

Сиз, Уллы Мәртебели Мырзаға өз сәлемлеримизди ҳәм қызғын тилеклеримизди қуўаныш пенен жоллап, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, өзбек халқына болса Сизиң ақылға уғрас басшылығыңыз астында және де жоқарылаў ҳәм раўажланыў тилеймиз.

Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сизге қызғын қутлықлаўларымызды жоллаған ҳалда, елиңиз раўажланыўы жолында исленип атырған барлық ҳәрекетлериңиз әмелге асыўына және быйылғы жыл Сиз ҳәм халқыңыз ушын жақсылық, бахыт ҳәм шадлық жылы болып қалыўына тилеклеспиз.

Бизлерди бирлестирип турған беккем дослық, шериклик байланысларын дос халықларымыздың мәплери жолында ҳәр қыйлы тараўларда және де жоқары шеклерге алып шығыўға болған умтылысларымыздың жоқары екенин Сиз, Уллы мәртебели Мырзаға атап өтемиз.

Байрамыңыз мубәрек болсын, ҳәмийше Алланың панасында болың!

Терең ҳүрмет пенен,

Шайх Муҳаммад бин Рошид ол МАКТУМ,

Бирлескен Араб Әмирликлериниң

Вице-президенти, Бас Министри,

Дубай әмирлигиниң ҳәкими

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Сизди уллы Наўрыз байрамы менен шын кеўилден қутлықлайман.

Наўрыз – ең әййемги қәдириятлардан. Халықларымыздың қәлбин жақсылыққа толтырыўшы, оларға абаданлық, шадлық келтиретуғын бул байрам дослық байланысларын жән де беккемлесин. Руўхый жақынлық, өз-ара қоллап-қуўатлаўға тийкарланған Қазақстан-Өзбекстан қатнасықларының үнлеслигин жоқары баҳалап, еки тәреплеме стратегиялық шериклигимиз избе-из раўажланыўы мәмлекетлеримизди үлкен табысларға жетелейди, деп исенемен.

Усы шадлы демлерде, ҳүрметли Шавкат Миромонович, Сизге ҳәм шаңарақ ағзаларыңызға беккем денсаўлық ҳәм абаданлық, дос Өзбекстан халқына болса раўажланыў ҳәм бахыт-ығбал тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Нурсултан НАЗАРБАЕВ,

Қазақстан Республикасының

Биринши Президенти – Елбасы

***

Сондай-ақ,

Палестина Мәмлекетиниң Президенти Маҳмуд АББАС,

Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министриниң орынбасары, ишки ислер министри Шайх Сайф бин Заид Ал НАҲАЯН,

Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Бас хаткери Бағдад АМРЕЕВ,

Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң Бас хаткери Ҳусрау НОЗИРИЙ ҳәм басқалар қутлықлаўлар жоллаған.

Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.