Қарақалпақстан Республикасы Халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилигин арттырыў бөлими, оның қала ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен ҳәзирги ўақытта орынларда басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелериниң медицина хызметкерлери менен биргеликте бир қатар илажлар өткерилмекте.

Тийкарғы мақсет – Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 18-декабрьдеги «Жуқпалы болмаған кеселликлердиң профилактикасы, саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың физикалық белсендилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, халық арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм оны кең түрде үгит-нәсиятлаў болып есапланады.

– Усы мақсетте, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги қурамындағы басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелери тәрепинен белгиленген реже бойынша ҳәпте күнлериндеги илажлар өткерилмекте,-дейди халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилигин арттырыў бөлиминиң қәнигеси В.Дәўлетмуратова.

Атап айтқанда, ҳәр ҳәптениң дүйшемби күни – «Стресслерге қарсы гүресиў күни»нде медицина хызметкерлери тәрепинен стресслердиң организмге унамсыз тәсири ҳәм олардың ақыбетинде келип шығатуғын кеселликлер профилактикасына бағышланған үгит-нәсият илажлары, ҳәр шийшемби күни – «Дуз ҳәм қумшекерди шеклеў күни»нде дуз ҳәм қумшекерди көп муғдарда пайдаланыўдың унамсыз ақыбетлери бойынша илажлар өткериледи. Сондай-ақ, сәршемби – «Темекисиз күн», пийшемби – «Саламат аўқатланыў күни», жума – «Пияда жүриў күни», шемби – «Саламатлық күни» сыпатында белгиленген болып, орынларда усы мазмундағы үгит-нәсият илажлары әмелге асырылмақта.

Үгит-нәсият илажлары усы күнге шекем 100 ге шамалас АПЖ, МПЖ, 50 ден аслам улыўма билим бериў мектеплеринде, шаңарақлық поликлиникаларда болып өтти. Үгит-нәсият күнлери илажларында 5000 ға шамалас пуқара қатнасып, халыққа 7000 ға шамалас арнаўлы буклетлер тарқатылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги