21-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат  Мирзиёевтиң Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөлесиўи болып өтти.

Сөйлесиўдиң басында Россия Президенти мәмлекетимиз басшысын ҳәм Өзбекстанның көп миллетли халқын бәҳәр ҳәм жаңаланыў байрамы – Наўрыз бенен шын жүректен қутлықлап, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Жетекшилер мәмлекетлеримиз арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы менен де бирин-бири шын жүректен қутлықлады.

Кейинги жылларда Өзбекстан-Россия шериклиги мисли көрилмеген жоқары – стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық дәрежесине шыққаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Әмелий бирге ислесиўдиң нәтийжели механизмлери жумыс алып бармақта, оның ең әҳмийетли бағдарлары бойынша жедел сөйлесиўлер жолға қойылған. Товар алмасыўдың көлеми турақлы кеңейип бармақта. Өткен жылдың жуўмағында өз-ара саўда көрсеткиши 7,5 миллиард долларға жетти, усы жылдың басынан болса 50 процентке артты.

Әҳмийетли инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Россияның елимиз экономикасында инвестицияларының көлеми дерлик 10 миллиард долларды қурамақта. Еки мыңнан зыят қоспа кәрхана жумыс алып бармақта.

Россияның абырайлы делегациясы усы ҳәптеде пайтахтымызда болып өтетуғын Ташкент Халқаралық инвестициялар форумына қатнасыўы күтилмекте.

Жедел мәдений-гумантиралық алмасыўлар даўам етпекте.

Сөйлесиўде саўда, инвестициялар, санаат кооперациясы сыяқлы әҳмийетли тараўларда, соның ишинде, Өзбекстан ҳәм Россия аймақларының жетекши кәрханаларын тартқан ҳалда көп қырлы еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң перспективалары додаланды.

Еки мәмлекет министрликлери уйымларының жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерин кең көлемде әмелге асырыў бойынша тығыз байланыслары ҳәм өз-ара муўапықласқан жумысын даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Регионаллық ҳәм халықаралық күн тәртибиндеги мәселелер, соның ишинде, Украина әтирапында жүзеге келип атырған жағдай бойынша пикир алысылды.

Өзбекстан ҳәм Россия Президентлериниң телефон арқалы сөлесиўи ҳәр қашанғыдай дослық ҳәм исеним руўхында өтти.

ӨзА