Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-март күни медицина хызметкерлери менен ашықтан-ашық сәўбет өткерди.

Саламатлық – инсанның бирлемши талабы, тилеги. Сол себепли мәмлекетимиз басшысы бул мәселеге айрықша итибар қаратып, тараўды избе-из раўажландырып келмекте. Президентимиз аймақларға еткен сапары ўақтында да бәрқулла медицина мәкемелерине барады, шыпакерлер менен сәўбетлесип, халықтың саламатлығын сорайды.

Бирақ бундай тәриздеги үлкен ушырасыў биринши мәрте өткерилмекте. «Медицинадағы реформалар – инсан қәдири ушын» атамасындағы ашық сәўбетте симпозиумлар сарайында мыңнан аслам, аймақлардағы студияларда 20 мыңға шамалас медицина хызметкерлери, халық ўәкиллери қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында медицина тараўының пидайы ўәкиллери менен Наўрыз байрамы алдынан көрискенинен қуўанышлы екенин билдирди.

Бул илажға узақ таярлық көрилип, ҳәм шыпакерлер, ҳәм наўқаслардың пикирлери соралған еди.

Жәми 25 мыңнан аслам мүрәжатлар қабыл етилди. Олардың 8 мыңнан асламы жеке түрде болып, орынларда шешилмекте. 17 мыңы болса системаға байланыслы мәселелер болып есапланады.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде оларды улыўмаластырып, 7 әҳмийетли бағдарды көрсетип өтти. Биринши бағдар – басланғыш медициналық хызметлерди халыққа жақынластырыў, екиншиси – қыстаўлы медициналық жәрдемди раўажландырыў, үшиншиси медициналық мәкемелердиң шараятын жақсылаў, төртиншиси – тараў хызметкерлерин материаллық хошаметлеў, бесиншиси – емлеўханаларды маман кадрлар менен тәмийинлеў, алтыншысы – жәмийетте саламат турмыс мәдениятын арттырыў, жетиншиси – кеселликлердиң алдын алыўға қаратылған.

Президент бул бағдарлардың ҳәр бирине ҳәр тәреплеме тоқтап, жаңа басламаларды алға қойды.

Мәселен, мүрәжатлардың 55 проценти басланғыш медициналық мәкемелер ҳаққында болған. Сол себепли, орынларда поликлиникалар тармағы буннан былай да кеңейтилетуғыны атап өтилди.

Атап айтқанда, 2 мыңнан аслам алыс мәҳәллелерде медициналық пунктлер шөлкемлестириледи. «Аўыл шыпакери» бағдарламасы және де жетилистирилип, шетки аймақларда жумыс алып барып атырған шыпакерлердиң айлық мийнет ҳақысына 2 миллион сумнан қосымша үстеме төленеди, турақ жай сатып алыўына жәрдемлеседи. Бундай орынларда үзликсиз үш жыл жумыс ислеген шыпакер клиникалық ординатураға имтихансыз қабыл етиледи. Напақаға шыққан тәжирийбели шыпакерлерге өз үйинде ямаса ижара имаратында емлеўине рухсат бериледи.

Екинши бағдарға тийкарынан, қыстаўлы медициналық жәрдемниң сапасын жақсылаў, оларды халыққа және де жақынластырыў ушын өз алдына бағдарлама қабыл етиледи. Бәринен бурын, «103» қыстаўлы медициналық жәрдем хызмети республика, ўәлаят, қала ҳәм район дәрежесинде бирден-бир басқарыў системасына бирлестириледи. Тез жәрдем район ямаса ўәлаят шегарасына қарап емес, ал наўқасқа шекемги аралықтың жақынлығына қарап хызмет көрсетеди. 2022-2025-жылларда тез медициналық жәрдем системасындағы барлық ескирген машиналар заманагөй автомобильлерге алмастырылады.

Кейинги бес жылда 2 мыңға шамалас медициналық мәкеме қурылып, оңланды. Бул жумыслар даўам еттирилип, 1 мың 100 емлеў орнындағы шараятлар жақсыланады. Басланғыш буўыннан баслап, медицинаның барлық тараўларын санластырыў бойынша бағдарлама қабыл етиледи. Еки жыл ишинде барлық медициналық мәкемелер жаңа компьютерлер менен үскенеленеди. Қағазпазлық қысқартылып, заманагөй усыл ҳәм үскенелерде жумыс ислеўге өтиледи.

Төртинши бағдарда медицина хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў илажлары белгиленди. Усы жылы 1-июньнен баслап медицина хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысы маманлық категориясына қарап 15 процентке шекем арттырылады. Жоқары технологиялық қыйын операцияларды ислеген шыпакерлерге болса және 25 процент муғдарында үстеме төленеди. Барлық медицина хызметкерлери ушын дәслепки ҳәм дәўирлик кәсиплик медициналық тексериў бийпул өткериледи.

Тараўды маман кадрлар менен тәмийинлеў де әҳмийетли мәселелерден бири болып есапланады. Системадаға шыпакерлердиң 45 проценти, мийирбийкелердиң болса 40 проценти маманлық категориясына ийе емес. Көп мәкемелерде қәниге жетиспейди.

Сол себепли 2022-2023-оқыў жылынан медициналық жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик грантлар тийкарында қабыллаў квоталары аймақларда шыпакерлерге болған ҳақыйқый талаптан келип шығып, мақсетли арттырып барылады. Медициналық жоқары оқыў орынларында алты айлық қәнигелескен курслар шөлкемлестирилип, шаңарақлық шыпакерлерди аймақларда зәрүр қәнигелик бойынша мақсетли оқытыў жолға қойылады. Барлық медициналық колледжлер ҳәм техникумлар жоқары билимлендириў мәкемелерине бириктириледи.

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына қарағанда, инсан саламатлығы 19 процент сыртқы орталыққа, 20 процент генетикалық факторларға, 9 процент денсаўлықты сақлаўды шөлкемлестириў ҳәм 52 процент турмыс тәризине байланыслы. Сол себепли алтыншы бағдар жәмийетте саламат турмыс мәдениятын арттырыўға қаратылған.

Усы жылдан баслап, медициналық бригада, шаңарақлық шыпакер пункти ҳәм поликлиникалардың жумыс нәтийжелилигин баҳалаў бойынша рейтинг системасының енгизилетуғыны айтылды. Унамлы көрсеткишлерге ерискен медицина хызметкерлери сыйлықланады. «Халқ саломатлиги посбони» көкирек белгиси шөлкемлестириледи.

Жетинши бағдарда кеселликлердиң алдын алыў ўазыйпалары көрсетип өтилди. Усы мақсетте медицина системасы «қаржыны тиккелей наўқасқа жумсаў» принципи тийкарында қаржыландырылатуғыны белгиленди. Медициналық қамсызландырыў системасы жылдың ақырына шекем Сырдәрья ўәлаятында, келеси жылларда барлық аймақларда жолға қойылады. Медицина тараўында бирден-бир медицналық мағлыўматлар базасы жаратылып, медициналық-экономикалық, статистикалық ҳәм аналитикалық таллаўларды өткериў имканиятын беретуғын миллий система енгизиледи.

Президентимиз баянатында айтылған ҳәр бир ўазыйпа бойынша анық финанслық дәреклер, техникалық шешимлер ҳәм әмелий механизмлер белгиленди.

– Биз халқымыздың саламатлығы ушын ҳәр қанша қаржы ҳәм күш-имканиятты жумсаўға таярмыз. Жеке мен ушын халқымыздың саламатлығы ҳәмме нәрседен үстин ҳәм қәдирли. Бирақ тараўға ажыратылып атырған қаржылардан дурыс пайдаланылып атыр ма?  Мени усы сораў көп ойландырады. Тараў басшылары ҳәр бир сумның қәдирине жетиўи, олардың нәтийжесин адамларымыз өз турмысында сезиўи керек, – деди Президент.

Системада коррупцияға пүткиллей шек қойыў зәрүрлиги атап өтилди.

– Шыпакердиң тек ғана үстиндеги халаты емес, бәринен бурын, кеўли де, қолы да пәк болыўы керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Ашықтан-ашық сәўбетте шыпакерлер шығып сөйлеп, жумысында дус келип атырған машқалалар, усыныслары ҳәм пикирлерин айтты. Президентимиз оларды қәнигелердиң қатнасыўында додадап, жуўапкерлерге көрсетпелер берди.

ӨзА