Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Мийнет ярмаркасы болып өтти.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 4-март күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде жоқары оқыў орынлары студентлериниң бәнтлигин тәмийинлеў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Илажды өткериўден тийкарғы мақсет, усы тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў, жумыс бериўшилер менен тиккелей сәўбетлесиў арқалы студент-жаслардың мүнәсип жумыс орнын табыўына, қәнигелерге мүтәжлиги бар кәрханалар, жумысқа орналасыў имканиятлары ҳәм аймақлық мийнет базары ҳаққында толық мағлыўматқа ийе болыў менен бирге, жумыс бериўшиге керекли қәнигелерди таңлаўда әмелий жәрдем бериў болып табылды.

Мийнет ярмаркасында 70 ке шамалас кәрхана ҳәм мәкеме өзлериндеги мыңнан аслам жумыс орны менен қатнасты.

-Шөлкемлестирилген ярмарка студентлерге, әсиресе жумыс ислеў ҳәм қосымша дәрамат табыўға талабы бар жаслар ушын үлкен имканият болып табылады,-дейди университет ректоры А.Реймов.-Бәринен бурын, бундай имканият ҳәм ғамқорлық ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирип, исенимди ақлаўға ҳәрекет етемиз. Ярмаркада 3327 студент қатнасқан болса, соннан 180 жасқа жумысқа орналасыў ушын жоллама берилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрнетлери.