Улыстыӊ уллы күни Наўрыз байрамы пайтахтымызда жайласқан  Республикалық 10-санлы көзи әззи хәм шала көриўши балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернатында да көтериӊки руўхта белгилеп өтилди.

Байрамда  қазанларда жақсы нийетлер менен сүмелек ҳәм наўрыз гөжелери  таярланып, миллий тағамлар, буйымлар көргизбеси шөлкемлестирилди. Оқыўшыларды спортқа қызықтырыў мақсетинде мектеп хызметкерлери ҳәм тәрбияланыўшылары арасында миллий спорт түрлери есапланған арқан тартыс, гүрес, қол гүреси, тас көтериў бойынша жарыслар өткерилип, жеӊимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип түрде сыйлықланды.

Усындай ийгиликли пазыйлетлерди өзинде жәмлеген бул байрамға Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри Р.Реймов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниӊ орынбасары Б. Избасаров, “Жолшылар” мәкан пуқаралар жыйыны баслығы, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниӊ депутаты С. Уразбаевлар  қатнасып, интернат жәмәәтин Наўрыз байрамы менен қутлықлады. Заўықлы байрам кешесинде миллий көргизбелер менен талантлы оқыўшылар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Илажда мектеп-интернаты директоры А. Аймуратов  министрликлердиӊ басшыларына оқыўшыларға көрсетип атырған ғамқорлықлары ҳәм дыққат-итибары ушын өз миннетдаршылығын билдирди.

   Гүлнара  Мамутова,

Республикалық 10-санлы көзи әззи ҳәм шала

көриўши балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик

мектеп-интернаты үгит-нәсиятшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги