Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Яхшимурод Ахмедов Әмиўдәрья районындағы «Өзбекстан» ҳәм «Қызылшалы» мәҳәллелеринде болып, районлық Кеңестиң депутатлары, ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери, мәҳәлле белсендилериниң қатнасыўында сайлаўшылар менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўларда Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманының мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети, сондай-ақ,  усы жылдың 23-24-февраль күнлери Президентимиздиң  республикамызға сапары даўамында Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша белгилеп берген бир қатар әҳмийетли ўазыйпалары ҳаққында сайлаўшыларға кең түрде мағлыўматлар берилди.

Наўрыз байрамы мүнәсибети менен аймақтағы 95 жасар нураный ана Хатиша Хайтимбетованың жағдайынан хабар алынып, байрам саўғалары тапсырылды.

Сондай-ақ, депутат жеке тәртипте билим алып атырған, балалығынан имканияты шекленген Ш.Қалбаевтың жағдайынан хабар алып, оған оқыў қуралларынан ибарат саўғаларын тапсырды.

Байрам мүнәсибети менен Халық депутатлары Әмиўдәрья районлық Кеңесиниң депутаты F.Ешниязов та өзи сайланған аймақларда болып, «Күйик көпир» АПЖ баслығы, аўылдағы ҳәким жәрдемшиси ҳәм жаслар жетекшилери менен биргеликте кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж, бағыўшысын жойытқан шаңарақлардың ҳәр бирине 1 қалтадан ун, мийўели терек нәллерин саўға етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.