«Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети тәрепинен Өзбекстан Нотариал палатасы менен биргеликте республикалық көлемде 2020-жылдан берли «Ҳуқықый мәслаҳәтлер күни» акциясы өткерип келинбекте.

Акция шеңберинде нотариуслар тәрепинен халыққа бийпул мәсләҳәтлер бериледи.

Акцияның тийкарғы мақсети – пуқаралардың ҳуқықый  сана-сезимин, мәдениятын арттырыў, халық пенен өз-ара байланыслар механизимин жаратыў, ҳуқықты қоллаў саласында әмелдеги машқала ҳәм кемшиликлерди анықлаў ҳәм де оларды сапластырыўға қаратылған пикир-усынысларды таярлаўдан ибарат.

Усы «Ҳуқықый мәсләҳәтлер күни» акциясы быйыл 18-март күни Нөкис қаласының Өзбекстан  гузарындағы нотариал мәкемеде болып өтти.

Нотариал мәкемеде пуқараларды қабыл етиў бойынша барлық қолайлы шараятлар жаратылып, еки нотариус қәниге тәрепинен пуқаралардың мүрәжатлары тыңланды ҳәм оларға нотариал ҳүжжетлерин рәсмийлестириў бойынша бийпул ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

Акция  шеңберинде пуқараларға нотариал хызмет туўралы, сондай-ақ, алды-сатты, саўға шәртнамалары, мийрас ҳуқықы, мийрас ўәсиятнамаларын рәсмийлестириў ҳәм басқа да  мәселелер бойынша ҳуқықый мәсләҳәтлер берилип, бийпул юридикалық жәрдемлер көрсетилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.