17-март күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма төртинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген мәжилисте ҳүкимет ағзалары ҳәм уйымлардың басшылары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары, сондай-ақ, елимиз ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис жумысы «O’zbekiston» ҳәм «UzReport» телеканаллары, сондай-ақ, Сенаттың www.senat.uz рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери арқалы тиккелей берилип барылады.

Дәслеп сенаторлар тәрепинен Сыртқы ислер министрлигиниң 2021-жылдағы жумысы ҳаққындағы мәлимлемеси тыңланды.

Есап бериў дәўиринде министрлик Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң сыртқы сиясатына муўапық халықаралық майданда республикамыздың мәплерин алға қойыў, мәмлекеттиң раўажланыўы ушын қолайлы сыртқы шараятларды тәмийинлеў, сырт еллер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеў, халықаралық қатнасықлар тараўындағы мәмлекетлик структуралардың жумысын муўапықластырыў бойынша жумыс алып барғаны атап өтилди.

2021-жылы 8 сырт ел сапары ҳәм 150 ге шамалас ҳәр қыйлы жоқары дәрежедеги ушырасыўлар, онлайн сөйлесиўлер ҳәм телефон арқалы пикирлесиўлер шөлкемлестирилди. Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайының артып баратырғаны себепли БМШ ҳәм ЕҚБШ шеңберинде елимиздиң 50 ден артық халықаралық басламалары бойынша 5 арнаўлы резолюция қабыл етилди.

Додалаў ўақтында Аўғанстандағы жағдай бойынша Өзбекстанның сиясаты ҳәм басламаларына халықаралық жәмийетшилик тәрепинен жоқары баҳа берилгени айрықша атап өтилди.

Өткен 2021-жылы мәмлекетимиздиң сыртқы сиясатында «экономикалық дипломатия»ға тийкарғы итибар берилди. Нәтийжелиликти арттырыў ҳәм сырт ел бирге ислесиўшилери менен пайда болатуғын машқалаларды өз ўақтында шешиў мақсетинде дипломатиялық ўәкилханалар тәрепинен ҳәр бир инвестиция жойбары менен айрықша жумыс алып барыў системасы шөлкемлестирилди. Сырт ел исбилермен топарларының Өзбекстанға 1100 ден аслам сапары шөлкемлестирилди.

Европа комиссиясы тәрепинен 2021-жыл 10-апрельден баслап Өзбекстанға «GSP+» системасының бенефициары статусының берилгени елимиз сыртқы сиясатының әҳмийетли жетискенликлеринен бири болды.

Министрлик ҳәм мәмлекетимиздиң дипломатиялық ўәкилханаларының системалы ҳәм муўапықластырылған жумысы нәтийжесинде 2021-жылы жәми 686,3 миллион долларлық 912 саўда келисими дүзилди.

Сенаторлар елшиханалар тәрепинен усыныс етилетуғын инвестициялық жойбарлардың жетерли дәрежеде ислеп шығылмағанлығын, сол себепли олардың үлкен бөлегиниң перспективасыз деп тән алынып атырғанын атап өтти.

Жойбарлардың орташа төрттен бир бөлеги әмелге асырыў басқышына жетип бармай атыр. Соның ишинде, Қарақалпақстанда дипломатиялық ўәкилханалар тәрепинен усыныс етилген 54 жойбардан 13 и перспективасыз деп табылды. Ташкент ўәлаятында 41 жойбардан 11 и әмелге асырылмай атыр.

Сондай-ақ, бир қатар дипломатиялық ўәкилханалардың республикамыз регионлары менен өз-ара бирге ислесиў дәрежесиниң жетерли емеслиги де     көрсетип өтилди.
Мәселен, бир қанша келисимлер ҳәм шәртнамалар дүзилгенине қарамастан, бир қатар шерик мәмлекетлер бойынша регионлараралық бирге ислесиўде әмелий нәтийжелерге ерисилмеген.

Ҳәр тәреплеме ҳәм ашық-айдын додалаў жуўмақлары бойынша Олий Мажлис Сенатының қарары қабыл етилди.

Буннан соң сенаторлар «Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексин тастыйықлаў ҳаққында»ғы нызамды көрип шықты.

Сенаторлар тәрепинен 1995-жылы қабыл етилген әмелдеги Мийнет кодексиниң редакциясы ҳәзирги ўақыттағы жағдайға сәйкес келмейтуғыны ҳәм жеке меншик исбилерменликтиң раўажланыўы процесинде жумыс бериўшиниң жуўапкершилигин, пуқараларды мийнетке тартыўдың жаңа, ҳәр қыйлы түрлериниң жедел раўажланыўын есапқа алмаўы, сондай-ақ, жумыс бериўшилерге, атап айтқанда, қосымша жумысшыларды мийнетке тартыўдың әпиўайы түрлерин таңлаўға имканият беретуғын жетерли шараятлар жаратпағанлығы атап өтилди.

Жаңа редакциядағы Мийнет кодексин ислеп шығыўда сырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, Германия, Швеция, Норвегия, Уллы Британия, Латвия, Эстония, Япония, Қубла Корея ҳәм ҒМДА мәмлекетлериниң тәжирийбеси терең үйренилгенлиги атап өтилди.

Кодекс мийнет ҳуқықының айырым институтларына бағышланған ҳәм бәнтлик, индивидуал мийнет қатнасықлары, хызметкерлерди кәсипке таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў, айырым категориядағы хызметкерлердиң мийнетин тәртипке салыў тәреплери, хызметкерлердиң мийнет ҳуқықларын қорғаў, мийнет келиспеўшиликлерин көрип шығыў сыяқлы жаңа нормаларды өз ишине алған.

Сондай-ақ, Кодексти дәслеп Сенаттың комитетлеринде көрип шығыў процесинде тийисли мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер, социаллық тармақлардағы және пуқаралардан келип түскен усыныслар кеңнен додаланды.

Атап айтқанда, жеке тәртиптеги мийнетке байланыслы қатнасықларды ҳәм олар менен тиккелей байланыслы болған жәмийетлик қатнасықларды ҳуқықый жақтан тәртипке салыўдың тийкарғы принциплери, мийнет қатнасықларындағы кемситиў факторлары, хызмет тексериўи және жәмәәтлик мийнет келиспеўшиликлери бойынша киргизилип атырған нормаларға айрықша итибар қаратылды.

Жаңа редакциядағы Мийнет кодексиниң қабыл етилиўи базар экономикасы талапларын есапқа алған ҳалда хызметкерлер ҳәм жумыс бериўшилер мәплериниң тең салмақлылығын тәмийинлеў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўына мийнет нызамшылығын қолланыўды әпиўайыластырыў, сондай-ақ, усы тараўларда жалланып ислейтуғынлардың мийнетин ҳуқықый тәртипке салыў өзгекшеликлерин есапқа алыў, Мийнет кодексиниң қағыйдаларын халықаралық ҳуқық нормалары, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы тәрепинен ратификацияланған халықаралық шәртнамаларға бейимлестириўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Додалаў жуўмағында сенаторлар тәрепинен нызам мақулланды.

Соң «Банклик емес кредит шөлкемлери ҳәм микроқаржыландырыў жумысы ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Бул нызам «2022-2025-жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасының банк системасын реформалаў стратегиясы ҳаққында»ғы Президент пәрманы ҳәм «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў» жылы мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўы бойынша ислеп шығылған.

Нызам менен банклердиң айырым түрдеги қаржы операцияларын әмелге асырыў ҳуқықына ийе болған микрокредит шөлкемлери, ломбардлар ҳәм ипотеканы қайта қаржыландырыў шөлкемлериниң жумысын тәртипке салатуғын нормалар системаластырылмақта.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги күнде банклик емес кредит шөлкемлериниң жумысын тәртипке салыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер бөлек-бөлек болып, бул шөлкемлерди дүзиў ҳәм олардың жумысы тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўшы, тиккелей әмел етиўши нормаларды өз ишине алған бир пүтин нызам ҳүжжети жоқ.

Нызам менен банклик емес кредит шөлкемлери жумысының өзине тән өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда олар тәрепинен әмелге асырылатуғын (көрсетилетуғын) қаржы операцияларының (хызметлер) дизими белгиленбекте.

Сондай-ақ, банклик емес кредит шөлкемлерин шөлкемлестириўге қойылатуғын талаплар, соның ишинде, олардың шөлкемлестириў-ҳуқықый түри, шөлкемлестириўшилери ҳәм қатнасыўшылары (акционерлери), басшы хызметкерлери (бақлаў кеңесиниң ағзалары ҳәм атқарыўшы уйым, бас бухгалтер), сондай-ақ, устав фонды (устав капиталы) ҳәм оның ең аз муғдарына қойылатуғын талаплар анықластырылмақта.

Нызам менен ломбардлар тәрепинен Орайлық банкке жумысты баслағаны ҳаққында хабарнама жиберилиўиниң тәртиби, сондай-ақ, микроқаржы шөлкемлери ҳәм ипотеканы қайта қаржыландырыў шөлкемлерин есап дизиминен өткериўдиң бирден-бир тәртиби нәзерде тутылмақта. Онда лицензиялаў орнына есап дизиминен өтиў енгизилмекте, есап дизиминен өтиў ушын зәрүр болған ҳүжжетлер дизими, оларды көрип шығыў ҳәм тийисли қарар қабыл етиў тәртиби белгиленбекте.

Соның менен бирге, банклик емес кредит шөлкемлериниң хызметлери тутыныўшыларының ҳуқықларын қорғаў бойынша қағыйдалар, соның ишинде, олар тәрепинен көрсетилетуғын хызметлер ҳаққындағы мағлыўматларды жәриялаў, шәртнама шәртлерин бир тәрплеме тәртипте өзгертпеў, сондай-ақ, банклик емес кредит шөлкемлериниң қарыз алыўшылары ҳәм кредиторларының қаржы операциялары бойынша мағлыўматтың жасырынлығын кепиллеў сыяқлы  миннетлемелер белгиленбекте.

Нызам қабыл етилиўи нәтийжесинде микроқаржы шөлкемлери тәрепинен көрсетилетуғын хызмет түрлериниң кеңейтилиўи, киши исбилерменлик субъектлериниң қаржы ресурсларына, соның ишинде, ислам қаржыландырыўына байланыслы хызметлерге болған талабының қанаатландырылыўына ерисиледи.

Соның менен бирге, банклик емес кредит шөлкемлери банклер ҳәм басқа да қаржы шөлкемлериниң агентлери сыпатында жумыс ислеўи республикамыздың шетки ҳәм алыс аймақларындағы халық ҳәм киши исбилерменлик субъектлериниң қаржы хызметлери менен қамтып алыныўына ерисиледи.

Бул нызам халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң қаржы ресурсларына болған талабын қанаатландырыў және банклик емес кредит шөлкемлериниң жумысын раўажландырыўда да үлкен әҳмийетке ийе.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар тәрепинен «Киберқәўипсизлик ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Нызам 8 бап ҳәм 40 статьядан ибарат болып, оларда нызамның мақсети, ўазыйпалары, тийкарғы түсиниклер, кибержынаятшылықтың алдын алыў, оған қарсы гүресиў принциплери, бағдарлары, усыллары, жуўапкер мәмлекетлик уйым ҳәм оның ўәкилликлери, киберқәўипсизлик ҳәдийселери бойынша илажлар көриў және халықаралық бирге ислесиў мәселелери нәзерде тутылмақта.

Соның ишинде, нызамның мақсети мәмлекетимизде киберқәўипсизлик тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат болып, оның тийкарғы ўазыйпалары кибермәканда шахс, жәмийет ҳәм мәмлекет мәплерин сыртқы ҳәм ишки қәўиплерден қорғаў болып есапланады.

Нызамда кибержынаятшылық, киберқәўип, киберқәўипсизлик, киберқорғаў ҳәм киберҳүжим сыяқлы түсиниклер қолланылып, киберқәўипсизликти тәмийинлеўдиң тийкарғы принциплери ҳәм бул тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары белгиленбекте.

Сондай-ақ, нызам менен Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети киберқәўипсизлик тараўындағы ўәкилликли мәмлекетлик уйым етип белгиленип, оның ҳуқықлары  менен миннетлемелери беккемлеп қойылмақта.

Буннан тысқары, нызам мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң киберқәўипсизликти тәмийинлеў бағдарындағы ҳуқықлары менен миннетлемелерин нәзерде тутады.

Соның менен бирге, нызам менен киберқәўипсизлик субъектлериниң ҳуқықлары менен миннетлемелери, олардың киберқәўипсизлик талапларына муўапықлығы бойынша экспертизадан мәжбүрий тәртипте ямаса киберқәўипсизлик субъектлериниң басламасына бола әмелге асырылыўы белгилеп берилмекте.

Нызамда кибержынаятшылық жағдайларын тексериў, илажлар көриў, жүз берген ҳәдийселер ҳаққындағы мәлимлемени ашыўға қаратылған бир қатар илажлар беккемлеп қойылмақта.

Нызамның қабыл етилиўи, бириншиден, шахс, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң қәўипсизлигин тәмийинлеўде үлкен орын ийелейди.

Екиншиден, ол киберқәўипсизликти мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў, ҳуқықый, шөлкемлестириўшилик, илимий-техникалық ҳәм нормативлик методикалық тәмийнат системасын жетилистириўге, мәлимлеме системалары ҳәм ресурсларының бир пүтинлигин тәмийинлеўге салмақлы үлес қосады.

^шиншиден, нызам руқсатсыз ҳәрекетлер, мәлимлемени жоқ етиў, өзгертиў, бузыў, көширип алыў, блоклаў ҳәм мәмлекеттиң мәлимлеме системалары ҳәм тармақларына нызамсыз араласыўдың басқа да түрлериниң алдын алыўға хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Кейин «Органикалық өнимлер ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Атап өтилгениндей, ҳүжжет органикалық өнимлер (органикалық өнимлерди ислеп шығарыў, қайта ислеў, сақлаў, транспортта тасыў, белгилеў ҳәм реализациялаў, сондай-ақ, муўапықлығын баҳалаў ҳәм авторизацияластырыў) тараўдағы қатнасықларды тәртипке салыўға қаратылған.

Бул нызамда органикалық өнимлерди ислеп шығарыўшылардың ҳуқықлары менен миннетлемелери белгиленген болып, оған муўапық олар ислеп шығарыў, қайта ислеў, сақлаў, транспортта тасыў, белгилеў ҳәм реализациялаў ўақтында өз фирмасының атынан, товар белгисинен ҳәм хызмет көрсетиў белгисинен пайдаланыў, органикалық өнимлерди ислеп шығарыў, сақлаў, транспортта тасыў, белгилеў ҳәм реализациялаў ушын зәрүр болған хызметлер (жумыслар) түрлерин, соның ишинде, муўапықлықты баҳалаў уйымларын ҳәм мәсләҳәт хызметлерин көрсетиўши шөлкемлерди еркин түрде таңлаў ҳуқықына ийе.

Сондай-ақ, нызам менен органикалық өнимлерди ислеп шығарыўшылар жумысы шеңберинде  органикалық өнимлер ҳаққындағы нызамшылық және техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлер талапларына әмел етиўи белгиленген.

Усы нызам менен органикалық өнимлерди ислеп шығарыўға байланыслы шәртлер ҳәм талаплар, оларды Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириў ҳәм мәмлекетимиз аймағынан алып шығыў тәртиби беккемленбекте.

Буннан тысқары, муўапықлықты баҳалаў уйымын авторизацияластырыў, органикалық өнимлер тараўындағы эквивалентликти баҳалаў, органикалық өнимлерди тамғалаў механизмлери де ашып берилген.

Нызамның қабыл етилиўи органикалық аўыл хожалығы өнимлери ҳәм шийки зат ислеп шығарыў системасындағы қатнасықларды қәлиплестириўдиң ҳуқықый тийкарын жаратыў, органикалық аўыл хожалығы өнимлери ҳәм шийки зат ислеп шығарыў жумысын раўажландырыў, сондай-ақ, хожалық субъектлериниң қатнасықларын ҳуқықый тәртипке салыўға жәрдем береди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте жаңа редакциядағы «Реклама ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Жаңа редакциядағы «Реклама ҳаққында»ғы нызамға зәрүрлик сонда, әмелдеги нызамда улыўмалық көриниске ийе болған ҳәм ислемейтуғын нормалар болып, олар реклама жумысы менен байланыслы қатнасықларды толық қамтып алмаған.

Атап айтқанда, реклама жумысына қойылатуғын талаплардың жетерли емеслиги, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң реклама тараўындағы ўәкилликлериниң анық белгиленбегенлиги көплеген ҳуқықбузарлықлардың пайда болыўына себеп болмақта.

Әмелдеги «Реклама ҳаққында»ғы нызам 1998-жылы 25-декабрьде қабыл етилген болып, ҳәзирги күнге шекем 15 мәрте өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилген. Сондай-ақ, бул тараў нызамнан тысқары және 3 уйымлық ҳүжжет пенен де тәртипке салынбақта.

Жаңа редакциядағы нызамда усы нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң нормалары да киргизилип, реклама жумысын тәртипке салыўшы бир пүтин ҳүжжет сыпатында сәўлелендирилген.

Атап өтилгениндей, нызам нормаларын қолланыўда белгисизликлерге алып келген айырым түсиниклерге анықлық киргизилип жаңа түсиниклер менен толықтырылған.

Өзбекстан Республикасы аймағында реклама мәмлекетлик тилде тарқатылады, қосымша түрде оның аўдармасы басқа тиллерде тәкирарланыўы мүмкин.

Нызамда реклама бериўшиниң, реклама таярлаўшы ҳәм тарқатыўшының ҳуқықлары менен миннетлемелери белгиленген.

Сондай-ақ, сыртқы реклама ҳәм мәлимлеме объектлерин (конструкцияларын) орнатыў сызылмасы қала қурылысын режелестириў ҳуқықларына муўапық болыўы және бар имаратлардың сыртқы архитектуралық көринисине, қала қурылысы нормалары менен қағыйдаларына, қәўипсизлик талапларына әмел етилиўин тәмийинлеўи керек.

Атап айтқанда, сыртқы реклама ҳәм мәлимлеме объектлерин орнатыў сызылмасы және оған киргизилетуғын өзгерислер Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң рәсмий сайтларында жәрияланыўы тийис.

Нызамшылық ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелияты және сырт ел тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда рекламаға қойылған талаплар күшейтилип, жаңа нормалар киргизилмекте.

Соның ишинде, сабақлықлар ҳәм дәптерлерде реклама жайластырыў, реклама баҳаларын сырт ел валютасында көрсетиў, әдеп-икрамлылық ҳәм мәнаўияттың улыўмалық қабыл етилген нормаларына қайшы келетуғын форма, сөз ҳәм образлардан пайдаланыў, товардың тийкарғы өзгешиликлери ҳаққындағы мағлыўматларды тутыныўшыдан жасырыў қадаған етилмекте.

Нызамның және бир әҳмийетли тәрепи жас өспиримлерди рекламадан, атап айтқанда, оның унамсыз тәсиринен қорғаўшы ҳәм рекламада жас өспиримлердиң қатнасыўын шеклейтуғын жаңа нормалар менен толтырылғаны болып есапланады.

Соның ишинде, жас өспиримлерди қәўипли жағдайларда көрсетиў, ата-аналар ҳәм тәрбияшыларды абырайсызландырыў, жас өспиримлердиң оларға болған исенимине зыян жеткериў, жас өспиримлер алыўы ямаса пайдаланыўы қадаған етилген товарларды телеканалларда, жас өспиримлер ушын мөлшерленген телекөрсетиўлер ҳәм радиоеситтириўлерде реклама етиў қадаған етилмекте.

Буннан тысқары, нызамда дәри қураллары рекламасына қатаң талаплар өз көринисин тапқан. Енди белгили пуқаралардың, медицина хызметкерлериниң ямаса сыртқы көриниси шыпакерлердиң сыртқы көринисине уқсас пуқаралардың қатнасыўынан пайдаланыў қадаған тиледи.

Сенаторлар додалаўда нызамда билдирилген айырым статьялардың турмысқа енгизилиўине байланыслы процесслерге де итибар қаратты.

Атап айтқанда, айырым түрдеги реклама қураллары арқалы реклама тарқатыўдың өзине тән өзгешиликлери, соның ишинде, телевидение, радио, баспа ҒХҚ, телекоммуникация тармақлары ҳәм Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында тарқатылатуғын рекламаға қойылатуғын талаплар бирме-бир көрип шығылды.

Телеканаллар эфиринде тарқатылып атырған рекламаның улыўмалық даўамлығы көрсетиў ўақтының бир сааты даўамында жигирма проценттен, бирақ суткада көрсетиў ўақтының он бес процентинен артыўы мүмкин емес. Даўамлылығы он минуттан аз болған телекөрсетиўлерди реклама менен үзип қойыўға ҳәм реклама менен бирге көрсетиўге жол қойылмайды.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин сенаторлар «Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодексине қыйнаўдан жәбирленгенлерге жеткерилген зыянды қаплаў тәртибин жетилистириўге қаратылған қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамды додалады.

Мәжилисте сенаторлар кейинги жылларда пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерине кепиллик бериўди буннан былай да күшейтиў, соның ишинде, қыйнаў ҳәм басқа да аяўсыз, ғайрыинсаний ямаса қәдир-қымбатты кемситетуғын қатнас және жаза түрлерин қолланыў жағдайларына пүткиллей жол қоймаў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

Бул нызам да усы унамлы жумыслардың логикалық даўамы екени атап өтилип, ҳүжжетти қабыл етиў зәрүрлиги додаланды.

Атап айтқанда, қыйнаўдан жәбирленгенлерге социаллық, ҳуқықый, психологиялық ҳәм медициналық жәрдем көрсетилиўи және оларға жеткерилген зыянның компенсация етилиўин тәмийинлеў, бунда қыйнаўдан жәбирлеген шахсларға жеткерилген физикалық ҳәм психологиялық зыян, материаллық зыян ямаса жоғалтылған пайда, мораллық зыян, юридикалық жәрдем, дәри қураллары ҳәм медициналық хызмет, психологиялық ҳәм социаллық хызметлер ушын жумсалған қәрежетлер төлеп берилетуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, Өзбекстан БМШтың Қыйнаўларға қарсы конвенциясын 1995-жылы ратификациялағаны, бул нызам менен инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери тараўында, соның ишинде, қыйнаўға жол қоймаў ушын зәрүр, шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый шараятларды жаратыўға байланыслы халықаралық миннетлемелерди орынлаў жолында системалы, избе-из ҳәм басқышпа-басқыш илажларды даўамлы әмелге асырып атырғаны мәлим етилди.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Президенти 2021-жыл 22-февраль  күни БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша кеңеси 46-сессиясында миллий превентив механизмин жетилистириў БМШтың Қыйнаўға қарсы конвенциясы Факультативлик протоколының Өзбекстан тәрепинен ратификацияланыўының әмелий нәтийжеси екени атап өтилди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң «Инсан ағзалары ҳәм тоқымаларының трансплантациясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы қабыл етилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамы да көрип шығылды.

Жынаят қодексиниң 133-статьясы биринши бөлимине киргизилип атырған өзгерислерге тийкарланып инсан ағзаларын ҳәм (ямаса) тоқымаларын алыў және трансплантациялаўдың белгиленген шәртлери ҳәм  тәртипти бузғаны ушын жынайый жуўапкершилик белгиленбекте.

Бирақ усы Кодекс 133-статьясы биринши бөлиминиң әмелдеги редакцияда шахс тири ўақтында оның келисимин алмай турып ямаса өлгеннен кейин жақын туўысқанларының разылығысыз илимий жумыслар ямаса билимлендириў жумыслары ушын трансплантациялаў ямаса бузылмайтуғын ҳалда сақлаў (консервация) мақсетинде өлиниң ағзалары ямаса тоқымаларын ажыратып алыў ушын жынайый жуўапкершилик белгиленген.

Кодекске киргизилип атырған өзгерислерге тийкарланып енди инсан өзиниң ағзаларын илимий ислери ямаса билимлендириў жумыслары ушын трансплантациялаўға келисим берген жағдайда ямаса бундай келисимди ол өлгеннен соң жақын туўысқаны бергенде де бундай жумыслар ушын жынайый жуўапкершилик келип шығыўы мүмкин.

Сол ушын Жынаят кодекси 133-статьясының биринши бөлимин қайта көрип шығыў мақсетке муўапық екени айтылды.

Сондай-ақ, «Инсан ағзалары ҳәм тоқымаларының трансплантациясы ҳаққында»ғы нызамның  14-статьясында да инсан ағзаларының ҳәм  (ямаса) тоқымаларының алды-саттысы қадаған етилиўи, 3-статьяның болса инсан ағзасын ҳәм (ямаса) тоқымаларын алыўға ықтыярый келисимниң бар екени, бийпул тийкарда және нотариал тәртипте тастыйықланған жазба түрде болыўы керек екени белгиленбекте.

Бул қағыйда Пуқаралық кодексиниң 105-статьясы биринши бөлиминде жазылған жазба түрдеги келисим дүзилиўи керек екенин көрсетпекте.

Бирақ пуқаралық ҳаққындағы нызамшылыққа тийкарланып келисиўлердиң басқаша түрлери де бар екенин атап өтиў керек.

Сонлықтан инсан ағзаларын ҳәм (ямаса) тоқымаларының нызамсыз трансплантация етилиўиниң алдын алыў мақсетинде бундай келисимлер (шәртнамалар) дүзилиўи ушын да жынайый жуўапкершиликти белгилеў мақсетке муўапық.

Буннан тысқары, «Инсан ағзалары ҳәм тоқымаларының трансплантациясы ҳаққында» ғы нызамның 10-статьясында инсан ағзаларын ҳәм (ямаса) тоқымаларын оның өли денесинен алыўға оның тири ўақытндағы нотариал тәртипте тастыйықланған жазба келисими бар болғанда жол қойылатуғыны атап өтилген.

Бул жағдайда «Жерлеў ҳәм жерлеў иси ҳаққында»ғы нызамның 5-статьясын «Инсан ағзалары ҳәм тоқымаларының трансплантациясы ҳаққында»ғы нызамға муўапықластырыў мақсетке муўапық.

Нызамда тәртипке салынатуғын жуўапкершилик қатнасықларының әҳмийетин итибарға алып, сенаторлар бул нызамды қайта көрип шығыўды, оған комплексли қатнас жасап, жетилистириўди зәрүр деп есаплады.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланбады.

Буннан соң сенаторлар тәрепинен «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў тәртиби буннан былай да жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Мәлим болғанындай, елимизде мәмлекетлик уйымлардың халық пенен қарым-қатнасын жетилистириў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўды тәмийинлеў, олардың машқалаларын шешиўдиң заманагөй механизмлерин енгизиў бағдарында избе-из жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, бул тараўға байланыслы бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли пәрманы және қарары менен Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы шөлкемлестирилип, оның жумысы жолға қойылған.

Усы нызамға муўапық, 3 кодекс және 4 нызамға өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте.

Атап өтиўинше, нызам менен нызамшылыққа төмендеги бир қатар өзгерислер киргизилмекте.

Бириншиден, әмелдеги нызамшылықта суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин мәмлекеттиң мәжбүрлеў күшин жумсамаған ҳалда орынлаўдың альтернатив ҳуқықый механизмлери болмағанлықтан «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы нызамға 7 категориядағы суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлери бойынша орынлаў ҳүжжетлериниң ықтыярлы орынланыўын тәмийинлеў илажларын көриў, бул илажлар нәтийжесиз болған жағдайда кейинги шара сыпатында мәжбүрий орынлаў уйымларына мүрәжат етиў тәртибин енгизиў белгиленбекте.

Сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 1982-статьясы Мәжбүрий орынлаў бюросы уйымларына берилгенге шекем айырым категориядағы орынлаў ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлемегени ушын жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын нормалар менен толықтырылмақта.

Екиншиден, суд ҳүжжетлериниң орынланыўына тосқынлық еткени ҳәм суд ҳүжжетиниң мәжбүрий орынланыў процесине араласқаны ушын жуўапкершилик нызамшылықта жоқ болғаны ушын Мәжбүрий жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 1982-статьясы суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлар ҳүжжетлериниң мәжбүрий орынланыў процесине араласқаны ушын жуўапкершилик белгиленбекте.

Сондай-ақ, суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлар ҳүжжетлериниң мәжбүрий орынланыў процесине араласыў ҳәрекетин ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан соң даўам еттиргени ушын Жынаят кодексине жынайый жуўапкершилик белгиленбекте.

Үшиншиден, орынлаў ҳүжжетин орынламаў, сондай-ақ, суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққындағы нызамшылықты бузғаны ушын жуўапкершиликти әскерий хызметкерлер ҳәм ишки ислер уйымлары хызметкерлерине де енгизиў белгиленбекте.

Төртиншиден, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 1982-статьясы орынлаў ҳүжжетлери бойынша қарыздарлық бар екенин тексермей ири келисимлер дүзиўди әмелге асырғаны ямаса айырым түрдеги қаржы-кредит хызметлери, халықаралық жолаўшы тасыў хызметлери ҳәм мәмлекетлик хызметлерди көрсеткени ушын жуўапкершилик белгиленген норма менен толықтырылмақта.

Сенаторлардың атап өтиўинше, нызамның қабыл етилиўи нәтийжесинде орынлаўдың тәртип-қағыйдалары буннан былай да жеңиллетиледи және суд ҳәм басқа да уйымлар ҳүжжетлериниң сөзсиз ҳәм өз ўақтында орынланыўының тәмийинлениўи, мәмлекеттиң мәжбүрлеў күшин кейинги шара сыпатында қолланыў, тийисли хошаметлеў ҳәм ҳуқықый тәсир илажлары арқалы пуқаралар ҳәмде юридикалық тәреплерде суд қарарларын ықтыярый орынлаў мәденияты қәлиплесиўи ушын зәрүр шараятлар жаратылыўы, сондай-ақ, суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлери орынланыўының нәтийжелилигин буннан былай да арттырылыўы тәмийинленеди.

Додалаўлар соңында сенаторлар нызамды мақуллады.

Буннан кейин сенаторлар «Корпоративлик басқарыў системасы жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамды көрип шықты.

Нызам раўажланған шет еллердиң унамлы тәжирийбеси ҳәм Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми (ЭБРШ)ниң усыныслары тийкарында таярланған.

Соның ишинде, Баҳалы қағазлардың орайлық депозитарийине Орайлық банкте де есап бетин ашып, баҳалы қағазлардың шөлкемлескен саўдасына баҳалы қағазларға байланыслы келисим нәтийжелери бойынша пул қаржыларының есап-санақларын әмелге асырыў ҳуқықын бериўди нәзерде тутатуғын «Өзбекстан Республикасының Орайлық банки ҳаққында»ғы ҳәм «Баҳалы қағазлар базары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамларына өзгерислер киргизилмекте.

Пуқаралық кодексине унитар кәрхананы басқарыў уйымы сыпатында бақлаў кеңесин енгизиў мүмкин екени киргизилип атырған болып, бул норманың әмелге енгизилиўи унитар кәрхана ҳәм оның ийелериниң мәплери жолында жумыс алып барылыўын және кәрхана басшыларының жумыс үстинен нәтийжели қадағалаў орнатылыўын тәмийинлейди.

«Акционерлик жәмийетлери ҳәм акционерлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы нызамда акционерлик жәмийетлерин басқарыўда мәмлекет қатнасыўының арнаўлы ҳуқықы («алтын акция») бийкар етилип атырған болып, оның бийкар етилиўи потенциалы жоқары инвесторлардың меншиклестирилетуғын кәрханаларға болған қызығыўшылығын арттырыўға унамлы тәсир етеди.

Сондай-ақ, кәрханаларды орта ҳәм узақ мүддетли (3-5 жыллық) раўажландырыў стратегиясының әмелге асырылыўын тәмийинлеў арқалы корпоративлик басқарыўдың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде «Акционерлик жәмийетлери ҳәм акционерлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы нызамда орынлаў уйымы ҳәм бақлаў кеңеси ағзаларының ўәкилликлери мүддетин бир жылдан үш жылға шекем создырыў белгилеп қойылмақта.

Буннан келип шығып, миноритар акционерлердиң ҳуқықларын тәмийинлеў, оларды кәрхананы басқарыўдағы ролин арттырыў және мәплер менен кесилисиў жағдайларын азайтыў мақсетинде «Акционерлик жәмийетлери ҳәм акционерлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы ҳәм «Аудиторлық жумыс ҳаққында»ғы нызамларда миноритар (5 процентке ийе) акционер (қатнасыўшы) лерге аудиторлық тексериўди өткериў басламасы менен шығыў ҳуқықы берилмекте.

Улыўма, нызам мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды басқарыўда корпоративлик басқарыўдың алдыңғы тәжирийбесин енгизиў арқалы олардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға және баҳалы қағазлар базарының тийкарғы инфраструктура объекти есапланған Баҳалы қағазлар орайлық депозитарийиниң жумысын жетилстириўди тәмиийнлейди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман)ниң 2021-жылғы жумысы ҳаққындағы есабаты тыңланды.

Атап өтилиўинше, Омбудсман ҳәм оның регионаллық ўәкиллери тәрепинен 9 тийкарғы бағдарлар бойынша жумыслар әмелге асырылған.

Атап айтқанда, пуқаралардың мүрәжатларын көрип шығыў, нызамшылықты ҳәм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетти жетилистириў және инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша мониторинглер алып барыў, қыйнаў ҳәм басқа да аяўсыз, ғайрыинсаний ямаса қәдир-қымбатты кемситетуғын қатнасы жасаў және жаза түрлериниң алдын алыў, регионаллық ўәкиллердиң жумысы, Бала ҳуқықлары бойынша ўәкилдиң жумысы, халықты ҳуқықый саўатлылығын ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыў, Омбудсман жумысының ашық-айдынлық ҳәм объективлиги, сондай-ақ, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў тараўында халықаралық бирге ислесиў сыяқлы бағдарларда бир қатар жумыслар әмелге асырылған.

Соның менен бирге, сенаторлар тәрепинен Омбудсманға келип түскен социаллық, экономикалық ҳәм экологиялық ҳуқықлар менен байланыслы мүрәжатлар өткен жылға салыстырғанда азайған болса да, пуқаралардың жеке ҳуқықлары ҳәм еркинликлери менен байланыслы мүрәжатлардың саны асқанлығы атап өтилди.

Буннан тысқары, мәражатлар толық, объектив ҳәм терең көрип шығылмағаны, оған үстиртин қарағаны және мүрәжат авторларына жуўап хатлары өз ўақтында жиберилмегени ақыбетинде есап бериў дәўирине келип түскен мүрәжатлардың 4655 си ямаса 25 процентин қайта мүрәжатлар қурағаны сынға алынды. Бул көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда 2 есеге көбейген.

2021-жылы Омбудсман тәрепинен тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге киргизилген жәми 94 тәсир шарадан (жуўмақ, усыныс ҳәм даўа арзасы) тек  58 и (61 проценти) қанаатландырылған. Бирақ қалған тәсир шараларының толық шешими тәмийинленбегени, бунда Омбудсман тәрепинен Олий Мажлис палаталарының парламентлик қадағалаў институтынан жеткиликли пайдаланылмағаны атап өтилди.

Соның менен бирге, ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген шахсларды қыйнаў ҳәм кемситиўши қатнаста болыў бойынша өткерилген мониторингтиң нәтийжелилиги жеткиликли емеслиги де көрсетип өтилди.

Сондай-ақ, мәжилисте сенаторлар тәрепинен Омбудсманға пуқаралардың мүрәжатларын қалыс көрип шығыў және авторларға өз ўақтында ҳәм тийкарлы жуўап бериў арқалы қайта мүрәжатлардың санын азайтыўға, министрлик, мәмлекетлик уйымлар және мәмлекетлик емес шөлкемлер менен биргеликте мәҳәллелерде пуқаралардың ҳуқықый мәдениятын ҳәм билимлерин арттырыўға қаратылған илажларды әмелге асырыў және мүрәжатларда атап өтилген машқалаларды орнында шешиў бағдарында тийисли усыныслар берилди.

Бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан соң сенаторлар Қашқадәрья ўәлаяты Шырақшы районының шегараларын өзгертиў ҳәм Көкдала районын шөлкемлестириў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.

Мәжилисте Көкдала районын шөлкемлестирўге себеп болған тийкарғы факторлар айрықша атап өтилди. Комитеттиң мағлыўматларына қарағанда, Шырақшы районына 1926-жылы тийкар салынған болып, халқы 420 мың адамды, улыўма жер майданы 2,8 мың квадрат километрди қурайды. Бүгинги күнде районда жәми 2 137 кәрхана, соннан 324 санаат кәрханасы болып, олар тәрепинен 2021-жылы 7,4 миллион долларлық өним экспорт етилген.

Сондай-ақ, районда 45 мыңнан аслам тәрбияланыўшысы болған 230 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, 93 мыңнан аслам оқыўшысы болған 234 улыўма билим бериў мектеби және 8 шаңарақлық поликлиника жумыс алып бармақта.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде район орайынан ең алыс аўылға шекем болған аралық 65-100 километр, соның ишинде, «Таслы» аўылы – 100 километр, «Сарсан» аўылы – 93 километр ҳәм «Қурықсай» аўылы –  65 километр. Бул болса, халықтың район орайына барып-келиўи ушын 2-3 жолаўшы транспортынан пайдаланыўына ҳәм бир күнин жойтыўына себеп болмақта.

Буннан тысқары, Шырақшы районында 2021-жылы халықтың жан басына санаат өнимлерин ислеп шығарыў 1,8 миллион сум (ўәлаятта 5,5 миллион сум), аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығырыў 8,2 миллион сум (ўәлаятта 8,7 миллион сум), хызметлер көлеми болса 1,8 миллион сум (ўәлаятта 3,9 миллион сум)ды қурап, ўәлаят бойынша ең кейинги орында тур.

Соған болса, Шырақшы районында жасап атырған халыққа социаллық ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў және ўәлаятта режелестирилип атырған өзгерислер, урбанизация процесслерин мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў, әсиресе, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде усы районның бир бөлегинде Көкдала районын шөлкемлестириў және оның орайын Жетитам қалашасы деп белгилеў нәзерде тутылмақта.

Бунда Шырақшы районында  жасап атырған 420 мың халықтың 176,3 мыңын, яғный 32 мәҳәлледе жасап атырған бөлегин Көкдала районының қурамына өткериў режелестирилмекте.

Сондай-ақ, Көкдала районы қурамына 162 санаат кәрханасы ҳәм 1 киши санаат зонасы (Айрытам) өткерилип, ислеп шығарылатуғын өним көлеминиң районның санаатындағы үлеси 151,9 миллиард сумды ямаса 38 процентти қурайды.

«Айрытам» киши санаат зонасының 7 гектар майданында инженерлик-инфраструктура объектлери қурылып, жаңа өндирислик қуўатлылықлар жаратылады.

Халықаралық әҳмийеттеги 94 километр жол бойында 150 хызмет көрсетиў объектлери (516 жумыс орны), Жетитам аймағынан өткен А-378 автомагистраль жолының бойында 6 гектар жерде хызмет көрсетиў ҳәм саўда комплекслери шөлкемлестириледи. 10 мың гектар суўғарылмайтуғын ҳәм қыр жерлерде тамшылатып суўғарыў технологиясы тийкарында бағ-тереклер жаратылады.

Нәтийжеде болса Көкдала районының қурамына өткерилип атырған халыққа қолайлы шараятлар жаратылады және районның социаллық-экономикалық потенциалын арттырыўға хызмет етеди.

Бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Соның менен Олий Мажлис Сенаты жигирма төртинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.

 

Өзбекстан Республикасы

 Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети