Улыўма етип айтқанда, 200 ден аслам қыстаўлы медициналық жәрдем станцияларындағы 3 мыңға шамалас машиналардың 75 проценти «Дамас» автомобильлери болып, олардың 670 и ескирген ямаса оңлаўды талап ететуғын жағдайда.

Ямаса, бүгинги күнде бир район ямаса ўәлаяттағы қыстаўлы медициналық жәрдем хызмети, аралығы жақын болса да, басқа аймақ халқына хызмет көрсетиўи мүмкин емес.

Сол себепли, қыстаўлы медициналық жәрдемниң сапасын жақсылаў, оларды халыққа жақынластырыў ушын, өз алдына Бағдарлама қабыл етиледи.

Бәринен бурын, «103» қыстаўлы медициналық жәрдем хызмети республика, ўәлаят, қала ҳәм район дәрежесинде бирден-бир басқарыў системасына бирлестириледи.

Енди, Ташкент қаласы тәжирийбеси тийкарында, ҳәр бир ўәлаятта қыстаўлы медициналық жәрдем бойынша электрон автоматласқан басқарыў системасы енгизиледи.

Буннан былай, қыстаўлы жәрдем район ямаса ўәлаят шегарасына қарап емес, ал наўқасқа шекем аралықтың жақынлығына қарап хызмет көрсетеди.

Сондай-ақ, район орайынан 50-80 километр қашықлықта жайласқан 24 елатлы пунктте айрықша қыстаўлы медициналық жәрдем бригадалары шөлкемлестириледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги