«Хабарыңыз бар, жақынға шекем мүтәж халықтың республикалық медициналық орайларда емлениўи ушын «ордер» деген бир ески система бар еди.

Бул «ордерлер» қағаз форматында жүргизилип, көпшилик жағдайларда таныс-билислик тийкарында берип келингени ҳеш кимге сыр емес.

Соның менен бирге, «ордер» ушын қаржылар республикалық медициналық орайларына наўқас келсе-келмесе, оның муғдары жетерли ме ямаса жоқ па, ҳәр жылы  өткерип келинген.

Нәтийжеде, ҳақыйқый мүтәж халық емлениў ушын жыллап нәўбетте турған бир ўақытта, айырым орайлар нәтийжесиз қаржыландырылып келинген.

Биз бундай әмелияттан толық ўаз кешип, мүтәж халық ушын республикалық медициналық орайларында хызмет көрсетиўдиң ашық-айдын, жаңа системаға өттик.

Енди, қәнигелескен орайларда бийпул емленетуғын кеселликлер дизими қәлиплестирилип, медициналық жәрдем ушын жолланбаға ҳақықый мүтәжлиги бар халыққа «электрон нәўбет» тийкарында берилмекте».

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги