Республикалық комиссияның қарарына муўапық, 2022-жылдың 16-март күнинен баслап Өзбекстанда:
– Тийисли тәртипте шаншылғанлығы сертификаты ямаса паспортына ийе болған сырт ел пуқаралары ПШР тест нәтийжесисиз Өзбекстанға кириўи мүмкин. Бундай сертификат ямаса паспортқа ийе болмаған жағдайда, республикаға келиўинен кеминде 72 саат алдын тапсырылған коронавирус инфекциясына ПШР тест бойынша кери нәтийжели мағлыўматқа ийе болыўы (электрон QR-код), ямаса шегара өтиў пунктлеринде экспресс-антиген тест тапсырыўы керек болады;
– Өзбекстанның Қазақстан менен шегарасында жайласқан өткериў пунктлери арқалы Қазақстан пуқаралары ҳәм Өзбекстан пуқараларының ҳәрекетлениўине байланыслы ўақтынша шеклеўлер бийкар етилди.
– Өзбекстанның Тәжикстан менен шегарасында жайласқан өткериў пунктлери арқалы Тәреплер пуқаралардың ҳәрекетлениўине байланыслы ўақтынша шеклеўлер бийкар етилди ҳәм барлық өткериў пунктлериниң жумысы қайта тикленбекте.
– Өзбекстанға кириў ушын сырт ел пуқараларына электрон визаны рәсмийлестириў ҳәм бериў системасы (E-VISA) жумысы қайта тикленип, иске қосылмақта.
– Сырт мәмлекетлерден киятырған туристлерге жедел ҳәм сапалы мағлыўмат алмасыўы бойынша хызмет көрсетиў мақсетинде Сыртқы ислер министрлигиниң Call орайы жолға қойылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги