Усы жылы 12-март күни Олий Мажлис Сенатының ағзасы Гүлистан Аннақлычева Нөкис қаласы «Қос булақ» мәҳәллесиндеги жәмлеспеген жаслардың бир топары менен ушырасты.

Бул илаж «Бир нураний ҳәм 10 жас» шеңберинде шөлкемлестирилген болып, Сенатор жасларға өзиниң өмир жолы, бүгинги күнде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жасларға жаратып берилип атырған имканиятлар менен жеңилликлер, оларды исбилерменликке бағдарлаў, өнер үйрениў жөнелисинде маманлығын арттырыў, өз қәбилети ҳәм қәнигелиги бойынша бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жеңилликлердиң жаратылғанлығы мәселелерине кеңнен тоқтап өтти.

Мәҳәллеге бекитилген ҳәким жәрдемшиси Оралбай Асқаров, Жаслар жетекшиси Әлийшер Дүйсенбаевлардың бул тараўдағы жумысына да баҳа берип өтилди.

Илажда Илҳам телемастер, Мирад қойшылыққа, Дәстан шаштарезликке, Гүлмария ҳәм Амангүл ҳаял-қызлар пардоз салонын ашыўға, Генжегүл үйде ыссыханада көк шөплер, овощ жетистириўге қызығатуғыны ҳәм буларды әмелге асырыўға әмелий жәрдем сорады.

Ҳәзирги ўақытта бул мәселелер терең үйренилип, орнатылған тәртипте шешилмекте.

Сенатор жасларға өзиниң жаңа китапларын саўға етти.

Сенатор Г.Аннақлычева Наўрыз улыўмахалықлық байрамы алдынан усы мәҳәлледе жасап атырған биринши топар майыплығы бар Шайда Хожамбергенова ҳәм Әдилбай Өтамбетовлардың шаңарағында болып, олар менен сәўбетлести ҳәм қәўендерлик жәрдемин көрсетти.

Сенатор буннан кейин де жаслар менен ушырасып, шаңарақларға тез-тез барып турыўды өз жумысының тийкарғы бағдары екенин атап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги