Усы жылы 14-март күни Халық депутатлары Нөкис қалалық кеңесиниң депутаты, сенатор Гүлистан Аннақлычева «Жийдели Байсын» сайлаў округинде сайлаўшылары менен ушырасты.

Бул ушырасыў депутатлар арасында «Әҳмийетли 10 күн» жойбары шеңберинде өткерилди.

Сенатор ушырасыўда 9-19-март күнлери даўам етип атырған бул жойбар тийкарында Мәмлекетимиз басшысының «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы» ҳаққындағы Пәрманы ҳәм оны «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында кеңнен мағлыўмат берип өтти.

Сондай-ақ, Президент Ш.Мирзиёевтиң 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстанға сапар етиўи даўамында Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыўдың кең көлемли ўазыйпалары, оларды әмелге асырыўдың тийкарғы бағдарлары белгилеп алынғаны ҳаққында да айрықша тоқтап өтти.

Сенатор сондай-ақ, халық мүрәжатлары тийкарында әмелге асырылған жумыслар бойынша есабат берди.

Жыйналғанлар тәрепинен «Әмиўдәрья» ҳәм «Жийдели байсын» МПЖ халқы аймағында 19 көшеге ШПС (щебень қум араласпасы) жайыў, 6 көшени асфальтлаў, 6,6 км суў тармағын оңлаў, 4,8 км электр тармақларын тартыў ҳәм алмастырыў және 2 трансформатор орнатыў бойынша усыныс ҳәм талаплар билдирди.

Әсиресе 17 көшеде түнги жақтыландырыўлар, спорт майданшасының жоқ екени, дем алыў орынларының зәрүр екени, 10 көше халқын телефон ҳәм Интернет тармақлары менен тәмийинлеўде жәрдем бериўин сорады.

Сенатор мәҳәллелерге бекитилген ҳәким жәрдемшилери менен биргеликте жуўапкер шөлкемлер арқалы бул машқалаларды шешиў илажларының көрилетуғыны ҳаққында мағлыўмат берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги