Социаллық тармақларда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының баслығы ўазыйпасын атқарыўшысы екенлиги айтылған адамның жол-патруль хызмети инспекторларына турпайы сөзлерди айтқанлығы сәўлеленген видеокөринис тарқалды.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги мәлимлеме хызмети жағдай бойынша рәсмий мағлыўмат берип, видеокөринистеги жағдай 2021-жылдың 14-февраль күни жүз бергенлиги ҳәм министрликтиң Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының баслығы ўазыйпасын атқарыўшысы, капитан Б.Хожановқа тийисли тәртипте хызмет тексериўи тайынланғанын мәлим етти. Өткерилген хызмет тексериўи жуўмақлары бойынша капитан Б.Хожановтың қол астындағы хызметкерлерге турпайы қатнаста болғанлығы ҳәм хызмет даўамында кемшиликлерге жол қойғанлығы ушын лаўазымлық мийнет ҳақысының 30 проценти муғдарын услап қалыў интизамий шарасы қолланылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.