Президент Шавкат Мирзиёев «Нураныйларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың турмыс дәрежесин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарға қол қойды. Ҳүжжет тексти Қарақалпақстан хабар агентлиги веб-сайтында жәрияланды.

Қарарға муўапық, хызметкердиң пенсия жасына толғанлығы мүнәсибети менен оның менен дүзилген мийнет шәртнамасын жумыс бериўшиниң басламасы менен бийкар етиў тәртиби қадаған етиледи.

Ҳуқықтаныўшы-блогер Х.Худайбердиевтиң жазыўынша, әмелдеги нызамшылыққа муўапық, хызметкердиң пенсия жасына толғанлығы оның менен мийнет шәртнамасын жумыс бериўшиниң басламасы тийкарында бийкар етиўге тийкар болатуғын еди. Жумыс бериўшиниң бул ҳуқықы Мийнет кодексиниң 100-статьясы екинши бөлиминиң 7-бәнтинде белгиленген.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине еки ай мүддетте Мийнет кодексиниң усы бәнтин бийкар етиўди нәзерде тутыўшы тийисли нызам жойбарын ислеп шығыў ўазыйпасы белгиленди.

Сондай-ақ, усы қарар тийкарында фонд қаржылары есабынан өзгелердиң күтимине мүтәж, жалғыз өзи жасайтуғын кекселер ҳәр жылы бир мәрте санаторийлерде бийпул емленеди. Соның менен бирге, шараяты аўыр ҳәм кем тәмийинленген кекселерге шыпакерлердиң рецепти тийкарында 3 айлық дәри-дәрмақлар, медициналық ҳәм арнаўлы протез-ортопедиялық үскенелер алып бериледи және хирургиялық әмелиятларының қәрежетлери қапланады.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.