Қарақалпақстан радиосына-90 жыл

(Қарақалпақстан халық жазыўшысы Алпысбай Султановтыӊ еске түсириўлеринен)

Қарақалпақстанға мийнети сиӊген артист, марҳум Кеӊес Исаев тынып-тыншымас бир адам еди. Телевидениеде режиссёр болып ислейтуғын ол миниатюра, телеспектакль қояман деп театр менен телевидение арасындағы жолды ақсоқпақ етип жүретуғын еди. Оныӊ минбейтуғын транспорты жоқ, велосипедли де, мотоциклли де, машинаныӊ ашық бортында да жүре береди. Ол бийшара журт қусап машиналы болыўды әрман ететуғын еди. Тап сол «Москвич» машинасын қолдан сатып алып, оныӊ рәҳәтин көрмей, гезектеги концерт программасын жазып болып, қыстыӊ күни машинасын шуқлап атырған жеринде өлип кетти.

Ол өзиниӊ үлкен бир әрманын иске асыра алмады. Оған да сол гездеги Гостелерадио басшылары себепши еди, әлбетте.

Кеӊес Исаев Шиллердиӊ «Қарақшылар» пьесасын Қарақалпақстан телевидениесинде сәўлелендирмекши болып, бармаған жери, кирмеген тесиги қалмады. Дем алысқа шыққан маған «Қарақшылар»ды русшадан аўдартып, бир ай үйинде қамап қойғаны еле ядымда. Сонда оныӊ зайыбы Қарақалпақстанға мийнети сиӊген артистка Маржан Халмуратова шай демлеп, аўқат әкелип бериўге ғана сол бизлер отырған бөлмеге киретуғын еди. Сонда Кеӊес ағаныӊ баслы әрманы кексе Моор етип Досберген Рановты ойнатпақшы еди. Үйлери «Черемушка» да қоӊсы болғанлықтан олар бул пьесаныӊ бөлимлерин бирликте репетиция етип те жүрди. Әттеӊ… Гостелерадионыӊ сол ўақыттағы басшылары Кеӊес Исаев пьесаны қоймақшы болып, оған костюм, реквизит, қәрежет сорап барғанында басы аўырмайтуғын көп «яқшыны» айтты да, исти бежермеди. Мен аўдарған қол жазбаны қолында услап жүрип тоздырып, Кеӊес Исаев та бул дүньядан әрманлы өтип кетти.

Ақыр соӊында Досберген ағаныӊ мийнети, ислеген есап-сансыз шынығыўлары босқа кетпесин деп мен «Қарақшылар» пьесасын Қарақалпақстан радиосына апарып бердим. Оны режиссёр Хатийша Өтәлиева эфирге шығарды. Солай еткеним де жақсы болған екен, қатты кеселленип жүрген Досберген аға оныӊ биринши бөлиминде түсип үлгерди. «Неге толық жазып ала қоймадыӊыз» деп мен радионыӊ хызметкерлеринен сорағанымда олар маған: «пьеса көлемли екен, оған төлегендей қәрежет таба алмадық, нобай пул тапқан ўақытта жазармыз» деди. Еситиўимше ҳәзир телевидение ҳәм радио көп ўақытқа, нобай пулға ийе болыпты. Әттеӊ, оныӊ енди Кеӊес Исаевқа да, Досберген Рановқа да кереги жоқ, олар әлле қашан топырақтыӊ астында жатыр… Ал, бул Кеӊес Исаевтыӊ мениӊ менен бирге ислеген соӊғы мийнети. Досберген ағаныӊ образға енген соӊғы даўысы еди…

Қарақалпақстан хабар агентлиги