Өзбекстан менен Қубла Корея арасында дипломатиялық қатнасықлардың орнатылғанына 30 жыл толды.

Усы мүнәсибет пенен Қубла Кореяның ең ғалабалық басылымларынан бири – «The Korea Post» журналының еки мәмлекет арасында өз-ара алмасыўлар жылына бағышланған арнаўлы саны басып шығарылды.

Журналда 2021-жыл декабрь айында Президент Шавкат Мирзиёевтиң Қубла Кореяғы әмелге асырған мәмлекетлик сапары еллеримиз арасындағы қатнасықларды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шыққаны айрықша атап өтилген. Өз-ара пайдалы бирге ислесиў, еки халық арасында дослық қатнасықларын және де беккемлеўде қол қойылған ҳүжжетлер айрықша орын ийелейтуғыны айтылған.

Сондай-ақ, мақалада «Жасыл» раўажланыў, санластырыў ҳәм күшли социаллық қорғаў сиясаты тараўлары айрықша стратегиялық шерикликтиң үш әҳмийетли бағдары сыпатында белгиленгени атап өтилген.

Журналдың арнаўлы санында 30 жыллық қатнасықлар менен бирге, келешектеги бағдарлар ҳаққында да ҳәр тәреплеме пикир жүргизилген.

ӨзА