Президент басшылығында мәҳәллелерде кәмбағаллықты қысқартыў бойынша исленген жумыслардың есап-санағы ҳәм 2025-жыл ушын әҳмийетли ўазыйпаларға бағышлап өткерилип атырған видеоселектор мәжилиси болап өтпекте.

Белсене исбилерменлердиң қатнасыўында 27 районда ашылған кооперациялар жақсы нәтийже берип атырғаны атап өтилди.

Жуўапкерлерге келеси жылы 30 районда балықшылық, қояншылық, шарўашылық ҳәм палҳәррешилик бойынша кооперацияларды көбейтиў тапсырылды. Оған 500 миллиард сум қаратылатуғыны белгиленди.

Буннан тысқары, ҳәзирги ўақытта 15 мың исбилермен өнимлерди электрон платформаларда сатып, дәраматын еселеп арттырып атыр. Бул бағдарда Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасы жеке меншик банк пенен 1 мың 300 ҳаял-қызды оқытып, өнимин онлайн сатыў тәжирийбесин жаратпақта.

Мәмлекетимиз басшысы мәжилисте қатнасып атырған БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Акико Фудзииға мәмлекетимизде жойбарлар ислеп, жаңа идеялар алып киятырғаны ушын қызғын миннетдаршлық билдирди.

Инвестиция алып келетуғын ҳәм көп жумыс орнын жарататуғын стартап жойбарларды қоллап-қуўатлаў кеңейтиледи.

Мәмлекетлик банклер де бир венчур компания ашып, мәҳәлле стартапларына өз қаржысынан жәми 50 миллион доллар ажыратыўы әҳмийетли екени атап өтилди. Стартапларды бизнеске айландыратуғын акселераторлар да ашыў мақсетке муўапық екени атап өтилди.

ӨзА